Ezekiel 45:1-5
Жаратқан Ийениң үлеси
1«Израил жерин урыўларға бөлгениңизде, узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ ▼ болған бир бөлек жерди мухаддес аймақ сыпатында Жаратқан Ийе ушын ажыратың. Бул жер толығы менен мухаддес саналсын. 2Сол жердиң бес жүз шығанаққа бес жүз шығанақ болған төрт мүйешли жери Мухаддесхана ушын ажыратылсын. Оның әтирапын айланған елиў шығанақлық ашық майдан болсын. 3Мухаддес аймақтан узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени он мың шығанақ болған бир бөлек өлше. Мухаддесхана жайласқан бул жер жүдә мухаддес жер болады. 4Жердиң бул мухаддес бөлеги Жаратқан Ийеге жақынласатуғын руўханийлерге, яғный Мухаддесханада хызмет ететуғын руўханийлерге тийисли болады. Бул бөлекте Мухаддесхана ушын мухаддес орын ҳәм руўханийлердиң үйлери болады. 5Узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени он мың шығанақ болған мухаддес аймақтың екинши ярымы Ибадатхана хызметиндеги лебийлилерге жасайтуғын қалаларын қурыў ушын мүлик етип бериледи.
Copyright information for
KaaIBT22C