‏ Ezekiel 48:9-13

9Жаратқан Ийеге арналған жердиң узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ
жигирма мың шығанақ – Әййемги грекше аўдарманың бир қолжазбасынан (және усы баптың 10-13 аятларына ҳәм 45:1-5 ке қараң). Еврейше қолжазбаларда «он мың шығанақ».
болады.
10Мухаддес аймақтың руўханийлерге тийисли бөлегиниң арқадағы узынлығы жигирма бес мың шығанақ, батыстағы ени он мың шығанақ, шығыстағы ени он мың шығанақ, қубладағы узынлығы жигирма бес мың шығанақ болады. Оның ортасында Жаратқан Ийениң Мухаддесханасы болады. 11Бул үлес Садоқ нәсилинен шыққан ҳәм руўханийликке тайынланған руўханийлерге тийисли болады. Олар Мениң талапларымды орынлады. Израил халқы менен бирге лебийлилер де жолдан азғанда, олар Маған садық қалды. 12Мухаддес аймақтың жүдә мухаддес бөлеги руўханийлерге тийисли болады. Ол жер лебийлилердиң жерине шегаралас болады.

13Руўханийлердиң жериниң жанынан лебийлилерге берилетуғын жердиң узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ болады. Бул бөлектиң узынлығы барлығы болып жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ болады.
Copyright information for KaaIBT22C