Genesis 14:17-20
Мелкиседектиң Ибрамға пәтиясын бериўи
17Ибрам Кедорлаомер ҳәм оның аўқамласлары үстинен жеңиске ерисип қайтып киятырғанда, Содом патшасы оны күтип алыў ушын Шаўе ойпатлығына ▼▼ Шаўе ойпатлығы – Ерусалимниң шығысындағы Кидрон сайының бир тәрепи.
, яғный Патша ойпатлығына шықты. 18Қудай Тааланың руўханийи болған Салим ▼▼ Салим – Ерусалимниң ески аты.
патшасы Мелкиседек нан ҳәм шарап алып шықты. 19Ол Ибрамға пәтиясын берип, былай деди:«Аспан ҳәм жерди жаратқан Қудай ТаалаИбрамды жарылқасын.
20Душпанларыңды тәслим еттирген
Қудай Таалаға алғыслар болсын».
Сонда Ибрам Мелкиседекке өзиндеги барлық нәрселерден оннан бирин берди.
Copyright information for
KaaIBT22C