‏ Genesis 19:1-16

Содом ҳәм Гомора қалаларының қыйратылыўы

1Кеш болғанда, еки периште Содомға келди. Лут қала дәрўазасының жанында отырған еди. Лут оларды көргенде, күтип алыў ушын орнынан турды да, маңлайы жерге тийгенше ийилип, тәжим етти ҳәм оларға:

2– Мырзалар, қулыңыздың үйине кириңлер. Аяқларыңызды жуўыңлар ҳәм бизикинде қонып қалыңлар. Соңынан ерте азанда турып, жолыңызды даўам етерсиз, – деди.

Олар:

– Яқ, бизлер түнди қала майданында өткиземиз, – деди.

3Бирақ Лут жалынып қоймағанлықтан, олар Лутқа ерип, оның үйине келди. Лут олар ушын аўқат таярлады ҳәм ашытқысыз нан писирди. Олар аўқатланды.

4Олар еле жатып үлгермей атырып, Содом қаласының ҳәмме тәрепинен барлық еркеклер, жаслардан баслап ғаррыларға шекем Луттың үйин қоршап алды. 5Олар Лутты шақырып:

– Бүгин кеште саған келген адамлар қай жерде? Оларды бизлерге шығарып бер, олар менен жатайық, – деди.

6Лут сыртқа шығып, арқасынан қапыны жапты да, 7оларға былай деди:

– Туўысқанлар, бундай зулымлықты ислемеңлер!
8Минекей, мениң еркек қолы тиймеген еки қызым бар. Мен оларды сизлерге шығарып берейин. Оларға қәлегениңизди ислеңлер. Тек бул адамларға қол тийгизбеңлер, өйткени олар үйимнен баспана тапқан қонағым-ғо!

9Сонда олар:

– Жолды босат! Өзиң келгинди болып, қазылық та қылмақшымысаң. Бизлер енди саған бетерин көрсетемиз, – деди де, Лутты бар күши менен ийтерип, қапыны сындырмақшы болды.

10Бирақ иштеги адамлар қолларын созып, Лутты үйдиң ишине киргизди де, қапыны жаўып таслады. 11Ал есик алдында турған адамлардың жасын ғаррысын ҳәммесин соқыр етип таслады. Олар есикти де таба алмай қалды.

12Соңынан иштеги адам Лутқа былай деди:

– Бул жерде басқа кимиң бар? Күйеў балаларың, улларың, қызларың ҳәм қалада өзиңе дерек ким болса да, ҳәммесин бул жерден алып шық.
13Себеби бизлер бул жерди жоқ етпекшимиз. Бул халық үстинен Жаратқан Ийеге жетип барған шағымлар жүдә көп. Ол бизлерди қаланы жоқ қылыў ушын жиберди.

14Лут сыртқа шықты да, болажақ күйеў балаларына барып:

– Дәрҳал бул жерден кетиңлер! Өйткени Жаратқан Ийе бул қаланы жоқ етпекши, – деди.

Деген менен, олар Лутты ҳәзиллесип атыр деп ойлады.

15Таң атқанда, периштелер Лутты асықтырып:

– Ҳаялыңды ҳәм еки қызыңды ал да, тез бул жерден кет! Болмаса, қала жазаланғанда, сен де бирге өлип кетесең! – деди.

16Ал Лут еле екиленип турған еди. Лутқа Жаратқан Ийениң мийрими түскенликтен, периштелердиң өзлери Луттың, оның ҳаялының ҳәм қызларының қолларынан услап, қаладан шығарды.
Copyright information for KaaIBT22C