‏ Genesis 19:24-28

24Жаратқан Ийе Содом ҳәм Гомора үстине аспаннан отлы күкирт жаўдырды. 25Ол бул қалаларды, пүткил тегисликти, ол жерде жасаўшылардың ҳәммесин ҳәм жердеги барлық өсимликлерди жоқ етти. 26Бирақ Луттың ҳаялы артына бурылып қарап, дузға айланып қатып қалды.

27Ибрайым азанда ерте турып, бурын өзи Жаратқан Ийениң алдында турған жерге келди. 28Ол Содом менен Гомораға ҳәм пүткил тегисликке қарап, жердиң пеш сыяқлы түтеп турғанын көрди.
Copyright information for KaaIBT22C