‏ Genesis 21:1-12

Ысақтың туўылыўы

1Жаратқан Ийе Өзи айтқанындай Сараға нәзерин түсирип, Өз ўәдесин орынлады. 2Сара ҳәмиледар болды ҳәм ол Ибрайымға қартайған шағында, Қудай белгилеген ўақытта ул туўып берди. 3Ибрайым туўылған баласына, яғный Сара туўып берген улына Ысақ
Ысақ – «күледи» дегенди билдиреди.
деп ат қойды.
4Қудайдың өзине буйырғанындай, Ибрайым улы Ысақты сегиз күнлигинде сүннет еттирди. 5Ысақ туўылғанда, Ибрайым жүз жаста еди.

6Сара былай деди: «Қудай маған күлки сыйлады. Буны еситкенлердиң ҳәммеси мениң менен бирге күледи». 7Және де: «Ким Ибрайымға: „Сара бала емизеди“, – деп айта алған болар еди? Өйткени Ибрайым қартайғанда, мен оған ул туўып бердим-ғо», – деди.

Ажар менен Исмайылдың қуўылыўы

8Ысақ үлкейип, емшектен шығарылған күни Ибрайым үлкен зыяпат берди. 9Бирақ Сара мысырлы Ажардың Ибрайымға туўып берген улы Исмайылдың Ысақты мазақ етип атырғанын көргенде, 10Ибрайымға: «Бул шорыны баласы менен бирге қуўып жибер. Себеби шорының улы мениң улым Ысақ пенен бирге мийрасхор болмасын», – деди.

11Бул гәп Ибрайымға аўыр тийди. Өйткени Исмайыл да оның улы еди. 12Бирақ Қудай Ибрайымға былай деди:

– Сен баланы ҳәм шорыңды қайғырма! Сара не айтса, соны исле, себеби сениң урпағың Ысақ арқалы даўам етеди.
Copyright information for KaaIBT22C