‏ Genesis 22:1-14

Ибрайымның сыналыўы

1Бир қанша ўақыттан кейин, Қудай Ибрайымды сынады. Қудай оған:

– Ибрайым! – деди.

Ибрайым:

– Ләббәй! – деди.

2Сонда Қудай оған:

– Өзиңниң сүйикли жалғыз улың Ысақты алып, Мория жерине бар. Ол жерде, Мен саған көрсететуғын таўлардың биринде оны қурбанлыққа шалып, жағып жибер, – деди.

3Ибрайым ертеңине азанда ерте турып, ешегине жүклерди артты. Ол өзи менен бирге еки хызметши баласын ҳәм улы Ысақты алды. Қурбанлық ушын отын шаўып болып, Қудайдың өзине айтқан жерине барыў ушын жолға шықты. 4Үшинши күни Ибрайым көз таслап, айтылған орынды узақтан көрди. 5Ибрайым хызметшилерине:

– Сизлер усы жерде ешек пенен бирге қалыңлар. Ал бизлер баламыз екеўимиз ана жерге барып, Қудайға сыйынамыз ҳәм сизлерге қайтып келемиз, – деди.

6Ибрайым қурбанлық ушын шаўылған отынларды баласы Ысаққа арқалатып, өзи от пенен пышақты алды. Соңынан екеўи бирге жүрип кетти. 7Кетип баратырып, Ысақ әкесине:

– Аға! – деди.

– Ләббәй, улым, – деди Ибрайым.

Ысақ оннан:

– Минекей, от ҳәм отын бар. Бирақ жандырылатуғын қурбанлық ушын берилетуғын жанлық қәне? – деп сорады.

8Ибрайым:

– Улым, жандырылатуғын қурбанлық болатуғын жанлықты Қудайдың Өзи жеткизеди, – деп жуўап берди.

Солай етип, олар екеўи жолын даўам етти.

9Олар Қудайдың Ибрайымға айтқан жерине жетип келгенде, Ибрайым қурбанлық орын қурып, оның үстине отынларды қалады. Кейин улы Ысақты байлап, қурбанлық орындағы отынлардың үстине жатқызды. 10Ибрайым баласын баўызламақшы болып, пышақты алды. 11Бирақ Жаратқан Ийениң бир периштеси аспаннан даўыслап:

– Ибрайым! Ибрайым! – деди.

– Ләббәй, – деди ол.

12Периште оған:

– Балаға қол көтерме, оған ҳеш нәрсе ислеме. Енди мен сениң Қудайдан қорқатуғыныңды билдим. Себеби сен Меннен жалғыз улыңды да аямадың, – деди.

13Ибрайым басын көтерип, путалыққа шақынан илинип турған қошқарды көрди. Ол барып, қошқарды әкелди де, улының орнына қошқарды қурбанлық ушын шалып, жағып жиберди. 14Солай етип, Ибрайым сол орынды Яҳўе-Ире
Яҳўе-Ире – «Жаратқан Ийе көреди», яғный «Жаратқан Ийе жеткереди» дегенди билдиреди.
деп атады. Сонлықтан усы күнге дейин: «Жаратқан Ийениң таўында жеткерип бериледи», – деп айтылады.
Copyright information for KaaIBT22C