‏ Genesis 25:29-34

29Бир күни Яқып аўқат писирип атырғанда, Эсаў дүзден шаршап, аш болып келди. 30Ол Яқыпқа:

– Маған мына қызыл аўқатыңнан бер, мен аш болып турман, – деди. Сол себепли ол Эдом
Эдом – «қызыл» дегенди билдиреди.
деп те аталды.

31Яқып оған:

– Дәслеп маған туңғышлығыңды сат! – деди.

32Эсаў оған:

– Аштан өлейин деп турғанымда, туңғышлықтан маған не пайда? – деди.

33Яқып:

– Дәслеп маған ант бер! – деди.

Сонда Эсаў Яқыпқа ант берип, өз туңғышлығын оған сатты.

34Соннан кейин, Яқып Эсаўға нан ҳәм қызыл лобия сорпа берди. Эсаў ишип-жеп болып, орнынан турып кетти.

Солай етип, Эсаў өз туңғышлығын писент етпеди.
Copyright information for KaaIBT22C