Genesis 27:30-40
30Яқып Ысақтың пәтиясын ала сала, оның алдынан шығып баратырған ўақытта-ақ, әжағасы Эсаў аңнан қайтып келди. 31Эсаў да мазалы аўқат таярлап, әкесине әкелди. Соңынан ол әкесине: – Аға! Тикейип отырып, мен әкелген аңның гөшинен же. Солай етип, маған пәтияңды бер, – деди. 32Әкеси оннан: – Сен кимсең! – деп сорады. – Мен – сениң туңғыш улың Эсаўман, – деп жуўап берди ол. 33Сонда Ысақ қатты шоршып, дирилдеп кетип: – Ҳаў, олай болса, маған аң аўлап әкелген ким еди? Сен келместен бурын, мен тап жаңа ғана аўқатты жеп, оған пәтиямды берген едим. Енди пәтия алған ол болады, – деди. 34Эсаў әкесиниң сөзлерин еситкенде, ашшы даўыс пенен бақырып жылап: – Маған да пәтияңды бер, аға! – деди. 35Бирақ әкеси оған: – Иниң ҳийлекерлик пенен келип, саған тийисли пәтияны алып кетти, – деди. 36Сонда Эсаў әкесине: – Ол бийкарға Яқып деп аталмаған шығар! Ол мени еки рет алдады-ғо: дәслеп туңғышлығымды алды, ал енди маған тийисли пәтияны да алып кетти, – деди. Соңынан ол және: – Мен ушын ҳеш қандай пәтия қалдырмадың ба? – деп сорады. 37Ысақ оған былай деп жуўап берди: – Мен иниңди сени бийлейтуғын қылдым, барлық туўысқанларын оған хызметши еттим. Оны ғәлле ҳәм жаңа шарап пенен тәмийинледим. Енди мен сен ушын не ислей аламан, улым? 38Эсаў әкесине: – Аға! Сенде пәтия тек биреў ме? Маған да пәтияңды бер, аға! – деп дад салып жылай баслады. 39Сонда Ысақ улына былай деп жуўап берди:«Сениң мәканың өнимдар топырақтан,Аспан шығынан жырақ болады.
40Қылышыңның күши менен жасап,
Иниңе хызмет етесең.
Бирақ оған қарсы бас көтергениңде,
Ол салған мойынтырықты ылақтырып таслайсаң».
Copyright information for
KaaIBT22C