‏ Genesis 28:10-22

Яқыптың түси

10Яқып Беер-Шебадан шығып, Харанға қарай жол жүрди. 11Ол бир жерге жетип келгенде, түнеў ушын тоқтады. Себеби қуяш батып қалған еди. Ол сол жерден бир тасты алып, оны басының астына қойды да, уйықлаў ушын жатты. 12Яқып түсинде жер үстинде тик турған текшени көрди. Текшениң уша басы аспанға тийип турған болып, Қудайдың периштелери оның үстинде минип-түсип жүрген еди. 13Текшениң басында Жаратқан Ийе турған болып, Ол Яқыпқа былай деди: «Мен – Ибрайымның ҳәм Ысақтың Қудайы Жаратқан Ийемен. Сен жатқан жерди Мен саған ҳәм урпақларыңа беремен. 14Сениң урпақларың жердиң қумындай көп болып, батысқа ҳәм шығысқа, арқаға ҳәм қублаға жайылады. Жер жүзиндеги барлық халықлар сен ҳәм сениң урпағың арқалы жарылқанады. 15Мен сениң менен биргемен. Қай жерге барсаң да, Мен сени қорғайман ҳәм сени және усы жерге қайтараман. Саған берген ўәдемди орынламағанымша, сени таслап кетпеймен».

16Яқып оянып: «Ҳақыйқаттан да, Жаратқан Ийе усы жерде екен-ғо, бирақ мен билмеппен!» – деп ойлады. 17Ол қорқып кетип: «Бул жер қаншелли қорқынышлы! Бул Қудайдың Үйинен басқа ҳеш нәрсе емес, бул аспан дәрўазасы!» – деди.

18Яқып азанда ерте турып, басының астына қойған тасты алды да, оны естелик қылып тиклеп, үстине зәйтүн майын қуйды. 19Илгери Луз деп аталған бул қалаға Бейт-Эл
Бейт-Эл – «Қудайдың Үйи» дегенди билдиреди.
деп ат қойды.

20Яқып ўәде берип, былай деди: «Егер Қудай мениң менен бирге болып, баратырған усы жолымда мени қорғаса, маған жеўге нан, кийиўге кийим берсе, 21сөйтип мени әкемниң үйине аман-есен қайтарса, онда Жаратқан Ийе мениң Қудайым болады. 22Мен естелик қылып тиклеген мына тас Қудайдың Үйи болады. Сениң маған беретуғыныңның ҳәммесинен Саған оннан бирин беремен».
Copyright information for KaaIBT22C