‏ Genesis 28:13-15

13Текшениң басында Жаратқан Ийе турған болып, Ол Яқыпқа былай деди: «Мен – Ибрайымның ҳәм Ысақтың Қудайы Жаратқан Ийемен. Сен жатқан жерди Мен саған ҳәм урпақларыңа беремен. 14Сениң урпақларың жердиң қумындай көп болып, батысқа ҳәм шығысқа, арқаға ҳәм қублаға жайылады. Жер жүзиндеги барлық халықлар сен ҳәм сениң урпағың арқалы жарылқанады. 15Мен сениң менен биргемен. Қай жерге барсаң да, Мен сени қорғайман ҳәм сени және усы жерге қайтараман. Саған берген ўәдемди орынламағанымша, сени таслап кетпеймен».
Copyright information for KaaIBT22C