Genesis 29:1-20
Яқыптың Лабанға барыўы
1Яқып жолын даўам етип, шығыс халықларының жерлерине жетип келди. 2Ол сол жердеги далада бир қудықты ҳәм қудықтың жанында жатырған үш сүриў қойды көрди. Өйткени қойлар сол қудықтан суўғарылатуғын еди. Қудықтың аўзында үлкен тас бар еди. 3Барлық сүриўлер ол жерге жыйналғанда, шопанлар қудықтың аўзынан тасты алып қойып, қойларды суўғаратуғын еди. Соңынан олар тасты және өз орнына, қудықтың аўзына қоятуғын еди. 4Яқып шопанлардан: – Туўысқанларым, қай жерденсизлер? – деп сорады. Шопанлар оған: – Бизлер Хараннанбыз, – деп жуўап берди. 5Яқып олардан: – Нахордың ақлығы Лабанды таныйсызлар ма? – деп сорады. – Аўа, таныймыз, – деп жуўап берди олар. 6Яқып олардан және: – Оның ҳал-жағдайы жақсы ма? – деп сорады. Олар: – Жақсы, әне, оның қызы Раҳила қойларын айдап киятыр, – деди. 7Яқып оларға: – Күн батыўға еле көп ўақыт бар, ҳәзир сүриўди жыйнайтуғын ўақыт емес-ғо. Қойларыңызды суўғарып болып, және отлатып қайтқаныңыз жақсы емес пе? – деди. 8Шопанлар: – Барлық сүриўлерди жыйнап, қудықтың аўзындағы тасты алып таслағанымыздан кейин ғана, бизлер қойларды суўғара аламыз, – деди. 9Яқып шопанлар менен сөйлесип турғанда, Раҳила әкесиниң қойлары менен келип қалды. Себеби ол қой бағатуғын еди. 10Яқып дайысы Лабанның қызы Раҳиланы ҳәм оның қойларын көргенде қудыққа барып, оның аўзындағы тасты алып таслады да, дайысы Лабанның қойларын суўғарды. 11Соңынан Яқып Раҳиланы сүйип, өкирип жылап жиберди. 12Ол Раҳилаға әкесиниң жийени, Ребекканың улы екенин айтты. Сонда Раҳила жуўырып барып, әкесине хабар берди. 13Лабан жийени Яқыптың келгенин еситиўден-ақ, оны қарсы алыў ушын жуўырып шықты. Оны қушақлап сүйди ҳәм үйине алып келди. Яқып оған болған ўақыялардың ҳәммесин айтып берди. 14Сонда Лабан Яқыпқа: – Аўа, шынында да сен мениң қанлас туўысқаным екенсең! – деди.Яқыптың хызмет етиўи ҳәм үйлениўи
Яқып Лабандикинде бир айдай жасағаннан кейин, 15Лабан Яқыпқа: – Ағайиним болғаның ушын, маған тегинге хызмет етиўиң керек пе? Маған айт, хызмет ҳақыңа қанша төлейин? – деди. 16Лабанның еки қызы болып, олардың үлкениниң аты Леа, кишкенесиниң аты Раҳила еди. 17Леаның көзлери мүләйим, ал Раҳила қәдди-қәўмети келискен, шырайлы еди. 18Яқып Раҳиланы сүйип қалды. Ол Лабанға: – Кишкене қызыңыз Раҳила ушын, мен сизге жети жыл хызмет етемен, – деди. 19Лабан оған: – Басқа биреўге бергеннен гөре, оны саған бергеним жақсы. Меникинде жасай бер, – деди. 20Солай етип, Яқып Раҳила ушын жети жыл хызмет етти. Яқып Раҳиланы сүйгенликтен, бул жети жыл ол ушын бир неше күндей болып көринди.
Copyright information for
KaaIBT22C