‏ Genesis 3:1-13

Адамның гүна ислеўи

1Қудай Ийе жаратқан жабайы ҳайўанлардың ишиндеги ең ҳийлекери жылан еди. Жылан ҳаялдан:

– Ҳақыйқаттанда да, Қудай бағдағы ҳеш бир теректиң мийўесинен жемең деди ме? – деп сорады.
2Ҳаял жыланға былай деп жуўап берди:

– Бизлер бағдағы тереклердиң мийўелеринен жей аламыз.
3Бирақ Қудай: «Бағдың ортасындағы теректиң мийўесинен жемең, оған қол тийгизбең, болмаса өлип қаласыз», – деген еди.

4Жылан ҳаялға:

– Яқ, ҳасла өлмейсиз!
5Себеби сол теректиң мийўесинен жегениңизде көзлериңиз ашылып, жақсылық пенен жаманлықты билетуғыныңызды ҳәм Қудай сыяқлы болатуғыныңызды Қудай биледи, – деди.

6Ҳаял теректиң мийўесиниң жеўге жақсы ҳәм көзге жағымлы екенин көрип, оннан билим алыўға болатуғынын билгенликтен, ҳәўеси келди. Сонлықтан ол мийўени үзип алып жеди ҳәм жанындағы күйеўине де берди. Күйеўи де жеди. 7Сол ўақытта-ақ екеўиниң де көзлери ашылып, өзлериниң жалаңаш екенин билди. Олар әнжир ағашларының жапырақларын бир-бирине тигип, өзлери ушын жапқышлар иследи.

8Олар күнниң ыссылығы қайтқан ўақытта, бағдың ишинде Қудай Ийениң жүргенин еситти ҳәм Оннан тасаланып, бағдағы тереклердиң арасына жасырынды. 9Бирақ Қудай Ийе адамды даўыслап шақырып:

– Қай жердесең? – деди.

10Сонда адам:

– Бағда жүргениңди еситкенимде қорқып кеттим. Мен жалаңаш болғанлықтан жасырындым, – деди.

11Қудай Ийе адамнан:

– Жалаңаш екенлигиңди саған ким айтты? Я болмаса, Мен жеме деп буйырған теректиң мийўесинен жедиң бе? – деп сорады.

12Адам:

– Сен маған берген ҳаял теректиң мийўесинен берди, мен де жедим, – деп жуўап берди.

13Қудай Ийе ҳаялға:

– Бул не қылғаның? – деди.

Ҳаял:

– Жылан мени алдады, сонлықтан мен жедим, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C