Genesis 32:22-30
Яқыптың Израил деп аталыўы
22Сол күни түнде Яқып орнынан турып, еки ҳаялын, еки шорысын ҳәм он бир улын жанына алып, Яббоқ дәрьясының өткелинен өтти. 23Оларды дәрьядан өткизгеннен соң, өзиниң барлық затларын да өткизди. 24Кейин Яқып жалғыз өзи қалды. Сонда бир адам оның менен таң атқанша гүрести. 25Ол Яқыпты жеңе алмайтуғынын билгенде, Яқыптың жамбасына урып жиберди ҳәм оның жамбас сүйеги шығып кетти. 26Сонда Ол адам: – Мени жибер, таң атып киятыр, – деди. Бирақ Яқып Оған: – Маған пәтияңды бермегениңше, Сени жибермеймен! – деди. 27Ол адам Яқыптан: – Атың ким? – деп сорады. Ол: – Яқып, – деп жуўап берди. 28Сонда Ол адам: – Буннан былай, сен Яқып емес, ал Израил ▼▼ Израил – «Қудай гүреседи» ямаса «Қудай менен гүреседи» дегенди билдиреди.
деп аталасаң. Өйткени сен Қудай ҳәм адамлар менен гүресип, жеңип шықтың, – деди. 29Яқып Оған: – Өтиниш, атыңызды айтыңыз? – деди. Бирақ Ол адам: – Не ушын Мениң атымды сорап атырсаң? – деди. Соңынан Ол сол жерде Яқыпқа пәтиясын берди. 30Яқып: «Мен Қудайды жүзбе-жүз көрдим, бирақ тири қалдым», – деп сол жерди Пенуел ▼▼ Пенуел – «Қудайдың жүзи» дегенди билдиреди.
деп атады.
Copyright information for
KaaIBT22C