Genesis 35:1-15
Бейт-Элде Қудайдың Яқыпты жарылқаўы
1Қудай Яқыпқа: «Қәнекей, енди Бейт-Элге бар да, сол жерге орналас. Әжағаң Эсаўдан қашып баратырғаныңда саған көринген Қудайға арнап, сол жерде қурбанлық орын қур», – деди. 2Сонда Яқып хожалығына ҳәм жанындағылардың ҳәммесине былай деди: – Өзлериңиздеги жат қудайлардың мүсинлерин ылақтырып таслаңлар. Өзлериңизди пәклеп, кийимлериңизди алмастырыңлар. 3Жүриңлер, бул жерден кетип, Бейт-Элге барайық. Қыйын күнлеримде маған жуўап берген ҳәм жүрген жолларымда мениң менен бирге болған Қудайға арнап, мен сол жерде қурбанлық орын қурайын. 4Сонда олар өзлериндеги жат қудайлардың мүсинлерин ҳәм қулақларындағы сырғаларын Яқыпқа берди. Яқып оларды Шехемге жақын жердеги бир теребинфтиң түбине көмип таслады. 5Соңынан олар жолға түсти. Қудай әтираптағы қалалардың турғынларына күшли қорқыныш жибергенликтен, ҳеш ким олардың изине түспеди. 6Солай етип, Яқып жанындағы барлық адамлар менен бирге Қанан жериндеги Лузға, яғный Бейт-Элге жетип келди. 7Яқып ол жерде қурбанлық орын қурып, сол жерди Эл-Бейт-Эл ▼▼ Эл-Бейт-Эл – «Бейт-Элдиң Қудайы» дегенди билдиреди.
деп атады. Өйткени Яқып әжағасынан қашып баратырғанда, Қудай сол жерде оған көринген еди. 8Сол арада Ребекканы емизип баққан Дебора деген ҳаял қайтыс болды. Ол Бейт-Элдиң қубласындағы бир емен ағашының түбине жерленип, сол емен ағашы «Жоқлаў емени» деп аталды. 9Яқып Паддан-Арамнан қайтып келгеннен кейин, Қудай оған және көринип, оны былай деп жарылқады: 10«Сениң атың – Яқып. Бирақ буннан былай, сениң атың Яқып емес, ал Израил болады», – деп, оны Израил деп атады. 11Қудай оған және: «Мен – Қүдирети күшли Қудайман. Өсип-өнип, көбей. Сеннен бир халық, ҳәтте, көплеген халықлар пайда болып, сениң урпағыңнан патшалар келип шығады. 12Мен Ибрайымға ҳәм Ысаққа берген бул жерди саған ҳәм сеннен кейинги урпақларыңа беремен», – деди. 13Соңынан Қудай Яқып пенен сөйлескен жерден жоқары көтерилип кетти. 14Яқып Қудай өзи менен сөйлескен жерде тастан естелик орнатып, оның үстине шарап ҳәм зәйтүн майын қуйды. 15Ол Қудай өзи менен сөйлескен жерди Бейт-Эл деп атады ▼.
Copyright information for
KaaIBT22C