‏ Genesis 39

Юсуп ҳәм Потифардың ҳаялы

1Исмайыллылар Юсупти Мысырға алып келди. Фараон сарайының хызметшиси, сақшылардың басшысы, мысырлы Потифар Юсупти исмайыллылардан сатып алды.

2Жаратқан Ийе Юсуп пенен бирге болып, оны табыслы қылды. Солай етип, Юсуп мысырлы хожайынының үйинде жасады. 3Оның хожайыны Жаратқан Ийениң Юсуп пенен бирге екенин ҳәм ол ислеген ҳәр бир исти табыслы қылып атырғанын көрди. 4Юсуп хожайынының кеўлинен шықты ҳәм оның жақын хызметшисине айланды. Сонлықтан оны үйи ҳәм барлық мал-мүлки үстинен басқарыўшы етип қойды. 5Хожайыны Юсупти үйи ҳәм пүткил мал-мүлки үстинен басқарыўшы етип тайынлағаннан баслап, Жаратқан Ийе Юсуп себепли Потифардың үйин жарылқады. Оның үйине, атызына ҳәм оған тийисли ҳәр бир нәрсеге берекет берди. 6Солай етип, Потифар өзиниң пүткил мал-мүлкин Юсуптиң ықтыярына тапсырып, өзи жейтуғын тамағынан басқа ҳеш нәрсе менен иси болмады.

Юсуп қәдди-қәўмети келискен, шырайлы жигит еди.
7Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, Потифардың ҳаялының Юсупке ышқы кетип, оған:

– Мениң менен жат, – деди.

8Бирақ Юсуп қарсылық көрсетип, хожайынының ҳаялына былай деди:

– Мине, хожайыным үйиндеги барлық затларды мениң ықтыярыма тапсырып, ҳеш бир иске араласпайды.
9Бул хожалықта меннен бийлиги күшли адам жоқ. Ол сеннен басқа ҳеш нәрсени меннен аямады. Себеби сен оның ҳаялысаң. Мен қалайынша бундай үлкен қылмыс ислеп, Қудайға қарсы гүна қыламан?

10Ҳаял Юсупке өзи менен бирге жатыўды ҳәм бирге болыўды ҳәр күни усыныс етсе де, Юсуп оның айтқанына көнбеди.

11Бир күни Юсуп өз ислерин ислеў ушын үйге кирди. Үйде хызметшилерден ҳеш ким жоқ еди. 12Сонда Потифардың ҳаялы Юсуптиң шапанынан услап:

– Мениң менен жат, – деди. Бирақ Юсуп шапанын ҳаялдың қолында қалдырып, сыртқа қашып шықты.

13Ҳаял Юсуптиң шапанын таслап қашқанын көргенде, 14үй хызметшилерин шақырып, оларға:

– Қараңлар, күйеўим алып келген мына еврей бизлерди масқара қылды-ғо! Ол мениң менен жатыў ушын ишке кирди. Бирақ мен қатты қышқырдым.
15Ол мениң қышқырып бақырғанымды еситкенде, шапанын қасыма таслап, сыртқа қашып кетти, – деди.

16Хожайыны үйге келгенше, ҳаял Юсуптиң шапанын сақлап қойды. 17Ҳаял күйеўине де сол сөзлерди айтып:

– Сениң бул жерге алып келген еврей қулың маған келип, мени масқара қылмақшы болды.
18Бирақ мен қышқырып бақырғанымда, ол шапанын мениң қасыма таслап, сыртқа қашып кетти, – деди.

19Юсуптиң хожайыны ҳаялының: «Сениң қулың маған усылай иследи», – дегенин еситкенде ғәзепке минди. 20Ол Юсупти тутқынға алып, патшаның тутқынлары қамалатуғын қамақханаға таслатты.

Бирақ Юсуп қамақта болғанда да,
21Жаратқан Ийе оның менен бирге болып, оған жақсылық иследи ҳәм қамақхана басшысына Юсупти унамлы етип көрсетти. 22Ол қамақханадағы барлық тутқынларды Юсуптиң қарамағына тапсырды. Ол жердеги барлық ислер ушын Юсуп жуўапкер болды. 23Қамақхана басшысы Юсупке тапсырған жумыслардың ҳеш бирине араласпады. Өйткени Жаратқан Ийе Юсуп пенен бирге болып, ол ислеген ҳәр бир исти табыслы қылды.

‏ Genesis 40

Юсуптиң тутқынлардың түсин жорыўы

1Бир қанша ўақыттан соң, Мысыр патшасының шарап қуйыўшысы ҳәм нанбайы өз хожайынына, яғный Мысыр патшасына қарсы айып иследи. 2Фараон өзиниң усы еки хызметкерине, яғный бас шарап қуйыўшысы менен бас нанбайына ашыўланып, 3оларды сақшылардың басшысының үйине, Юсуп отырған қамақханаға қаматып таслады. 4Сақшылардың басшысы Юсупти олардың хызметине бекитти. Солай етип, олар бир қанша ўақыт қамақханада қалды.

5Бир күни түнде фараонның қамақта болған шарап қуйыўшысы менен нанбайы екеўи де түс көрди. Ҳәр түстиң өзинше мәниси бар еди. 6Ертеңине азанда Юсуп олардың жанына келгенде, екеўиниң де еңсеси түсип отырғанын көрди. 7Юсуп хожайынының үйинде өзи менен бирге қамалып жатырған фараонның хызметкерлеринен:

– Бүгин неге қапа көринесиз? – деп сорады.

8Олар:

– Бизлер түс көрген едик, бирақ оларды жорып беретуғын ҳеш ким жоқ, – деди.

Юсуп оларға:

– Түс жорыў Қудайдан емес пе? Түслериңизди маған айтып бериңлер, – деди.

9Сонда бас шарап қуйыўшы түсин Юсупке айтып:

– Мен түсимде бир жүзим ағашын көрдим.
10Ағаштың үш шақасы бар екен. Олар бөрте сала гүллеп, солқым-солқым жүзим писти. 11Мениң қолымда фараонның кесеси бар екен. Мен жүзимлерди алып, фараонның кесесине сықтым да, кесени оның қолына бердим, – деди.

12Юсуп оған былай деди:

– Бул түс мынаны аңлатады: үш шақа – үш күн.
13Үш күн ишинде фараон сениң тәғдириңди шешеди ҳәм сен бурынғы хызметиңе қайтасаң. Оған бурынғыдай шарап усынатуғын боласаң. 14Бирақ исиң жүрискеннен кейин, мени есиңе ал. Маған жақсылық ислеп, фараонға мен туўралы айт ҳәм мени бул қамақханадан шығарып ал. 15Себеби мен еврейлердиң жеринен урлап әкелингенмен. Бул жерде де қамаққа таслағандай ҳеш нәрсе ислемедим, – деди.

16Бас нанбай Юсуптиң түсти жақсы жорығанын көрип, оған былай деди:

– Мен де түс көрдим. Түсимде басымда үш себет нан бар екен.
17Ең үстиндеги себетте фараонға арнап писирилген ҳәр түрли нан өнимлери бар екен. Бирақ қуслар басымдағы себеттен оларды шоқып жеп атыр екен, – деди.

18Юсуп оған былай деди:

– Бул түс мынаны аңлатады: үш себет – үш күн.
19Үш күн ишинде фараон тәғдириңди шешип, сени дарға астырады ҳәм қуслар келип, денеңди шоқыйды.

20Үшинши күни фараон өзиниң туўылған күнинде барлық хызметкерлерине арнап зыяпат берди. Сонда ол өз хызметкерлериниң алдында бас шарап қуйыўшысы менен бас нанбайының тәғдирин шешти. 21Бас шарап қуйыўшыны өз хызметине қайтарды. Солай етип, бас шарап қуйыўшы және фараонға кесесин усынатуғын болды. 22Бирақ бас нанбайды, Юсуп жорығандай, дарға астырды. 23Бас шарап қуйыўшы Юсупти еске алмады, оны умытып жиберди.

‏ Genesis 41

Юсуптиң фараонның түсин жорыўы

1Арадан еки жыл өткенде, фараон түс көрди. Түсинде ол Нил дәрьясының жағасында тур екен. 2Дәрьядан шырайлы ҳәм семиз, жети сыйыр шығып, қамыслықта отлай баслады. 3Соңынан дәрьядан сықылсыз ҳәм арық жети сыйыр шығып, дәрьяның жағасындағы алдынғы сыйырлардың жанына барып турды. 4Сықылсыз ҳәм арық сыйырлар шырайлы ҳәм семиз жети сыйырды жеп қойды. Сол ўақытта фараон оянып кетти.

5Ол және уйықлап кетип, қайтадан түс көрди. Түсинде бир пақалда жети жақсы ҳәм толық масақ өсип тур екен. 6Соңынан пуш ҳәм шығыс самалы кептирген жети масақ өсип шықты. 7Бул пуш масақлар жақсы ҳәм толық масақларды жутып жиберди. Сол ўақытта фараон уйқысынан оянып кетип, буның түс екенин билди.

8Азанда фараон тынышсызланып, Мысырдың барлық ўәлий руўханийлери менен данышпанларын шақыртып алды да, оларға көрген түслерин айтып берди. Деген менен, олардың ҳеш бири фараонның түслерин жорый алмады.

9Сонда бас шарап қуйыўшы фараонға былай деди:

– Бүгин мен өз айыбымды мойынлаўға мәжбүрмен.
10Бир күни сиз өзиңиздиң қулларыңыз болған маған ҳәм бас нанбайға ашыўланып, бизлерди сақшылардың басшысының үйине, қамақханаға қаматқан едиңиз. 11Бир күни түнде екеўимиз де түс көрдик. Ҳәр түстиң өзинше мәниси бар еди. 12Сол жерде бизлер менен бирге сақшылардың басшысының қулы болған, бир еврей жигит бар еди. Бизлер түслеримизди оған айтып бергенимизде, ол жорып берди. 13Ҳәмме нәрсе ол жорығандай болды: мен өз хызметиме қайттым, ал нанбай дарға асылды.

14Сонда фараон Юсупке адам жиберип, оны тезлик пенен қамақханадан алдырды. Юсуп сақал-муртын алып, кийимлерин алмастырғаннан кейин, фараонның алдына келди. 15Фараон Юсупке:

– Мен бир түс көрдим, бирақ оны ҳеш ким жорый алмады. Еситиўимше, сен түс жорый алады екенсең, – деди.

16Юсуп фараонға:

– Түс жорыў мениң қолымда емес. Бирақ сизиң ийгилигиңиз ушын, Қудайдың Өзи жорыйды, – деди.

17Сонда фараон Юсупке былай деди:

– Түсимде Нил дәрьясының жағасында турған екенмен.
18Сол ўақытта дәрьядан семиз ҳәм шырайлы жети сыйыр шығып, қамыслықта отлай баслады. 19Соңынан дәрьядан арық, сықылсыз ҳәм ети сүйегине жабысқан жети сыйыр шықты. Мен пүткил Мысыр елинде бундай арық сыйырларды ҳеш көрмеген едим. 20Сықылсыз ҳәм арық сыйырлар семиз сыйырларды жеп қойды. 21Бирақ семиз сыйырлар олардың қарнына түссе де, ҳеш нәрсе болмағандай, арық сыйырлар бурынғысынша арық болып қала берди. Соннан кейин, мен оянып кеттим.

22Кейин мен басқа түс көрдим. Түсимде бир пақалда толық ҳәм жақсы жети масақ өсип шыққанын көрдим. 23Соңынан пуш, жиңишке ҳәм шығыс самалы кептирген жети масақ өсип шықты. 24Жиңишке масақлар жақсы жети масақты жутып жиберди. Мен түслеримди ўәлий руўханийлерге айтып бердим, бирақ олардың ҳеш бири жорый алмады.

25Юсуп фараонға былай деди:

– Фараон, сизиң еки түсиңиз де бир мәнисти аңлатады. Қудай не ислейжағын сизге билдирипти.
26Жети шырайлы сыйыр – жети жыл. Жети жақсы масақ та – жети жыл. Бул түслердиң мәниси бир. 27Олардан соң шыққан арық ҳәм сықылсыз жети сыйыр менен шығыс самалы кептирген жети жиңишке масақ жети жыл ашлық болатуғынын билдиреди. 28Мен жаңа айтқанымдай, Қудай не ислейжағын сизге көрсетипти. 29Пүткил Мысыр жеринде жети жыл молшылық болады. 30Ал оннан кейин болса, молшылық жылларын умыттыратуғын жети жыл ашлық болады. Бул ашлық жерди жүдетип жибереди. 31Кейин болатуғын ашлық соншелли аўыр болғанлықтан, бурын болған молшылықты умыттырып жибереди. 32Сизиң бир мәнистеги түсти еки рет көриўиңиздиң мәниси – Қудайдың анық қарар еткенин ҳәм буны тез арада иске асыратуғынын билдиреди.

33Енди сиз ақыллы ҳәм дана бир адамды таўып, оған Мысырды басқарыўды тапсырың. 34Және де, сиз ел үстинен қадағалаўшыларды тайынлап, Мысыр жериндеги молшылықтың жети жылында өнимниң бестен бир бөлегин жыйнатың. 35Ол адамлар келешектеги молшылық жылларының пүткил азығын топлап, қалалардағы сизге тийисли телеклерге жыйнап сақласын. 36Жети жыллық ашлық ўақтында бул ғәлле қорлары Мысырға азық болып, ел ашлықтан қырылмайды.

Юсуптиң Мысыр үстинен ҳүкимдар болыўы

37Бул усыныс фараонға ҳәм оның барлық хызметкерлерине мақул түсти. 38Фараон хызметкерлерине:

– Бизлер Қудайдың Руўхына ийе болған бул адамнан басқа биреўди таба аламыз ба? – деди.

39Соңынан ол Юсупке былай деди:

– Қудай булардың ҳәммесин саған ашып берген екен, демек, сеннен ақыллы ҳәм дана адам болмағаны.
40Мен сарайымды басқарыўды саған тапсыраман, пүткил халқым сениң буйрықларыңа қулақ асатуғын болады. Мен тахтым менен ғана сеннен үстин боламан. 41Ҳәзирден баслап, мен сени пүткил Мысыр үстинен ҳүкимдар етип тайынлайман.

42Соңынан фараон бармағындағы мөр жүзигин шешип алып, Юсуптиң бармағына тақты. Оған ҳасыл зығыр шапан кийгизип, мойнына алтын шынжыр тақты. 43Фараон Юсупти өзинен кейинги екинши дәрежели арбаға миндирип, оның алдында: «Тәжим етиңлер!» – деп жар салыўды буйырды. Солай етип, фараон Юсупти пүткил Мысыр ели үстинен ҳүкимдар етип қойды. 44Соңынан фараон Юсупке және:

– Фараон – мен боламан, бирақ сениң рухсатыңсыз пүткил Мысырда ҳеш ким тырп ете алмайды, – деди.
45Фараон Юсупке Сафнат-Панеах деген ат қойып, оны Уон қаласындағы руўханий Потифераның қызы Асенатқа үйлендирди. Солай етип, Юсуп Мысыр елин аралап шықты.

46Юсуп Мысыр патшасы фараонның хызметине тайынланғанда отыз жасында еди. Юсуп фараонның алдынан кетип, пүткил Мысыр жерин аралаўға шықты. 47Жети жыллық молшылық ўақтында жер мол өним берди. 48Юсуп Мысырда жети жыл ишинде өнген өнимлердиң ҳәммесин жыйнап, қалаларда сақлады. Ҳәр бир қала әтирапындағы атызларда өнген өнимлерди сол қалаға жыйнап қойды. 49Юсуп теңиз қумындай мол ғәлле жыйнағанлықтан, оны өлшеўди тоқтатты. Өйткени ғәлле өлшеп болмайтуғын дәрежеде көп еди.

50Ашлық жыллары басланбастан бурын Уон қаласының руўханийи Потифераның қызы Асенат Юсупке еки ул туўып берди. 51Юсуп: «Қудай маған барлық қыйыншылықларымды ҳәм әкемниң үйин умыттырды», – деп, туңғыш улының атын Менашше
Менашше – «умыттырыў» дегенди билдиреди.
деп қойды.
52Юсуп екинши улын Эфрайым
Эфрайым – «еки есе өнимли» дегенди билдиреди.
деп атап: «Қыйыншылық көрген елимде Қудай мени өсип-өндирди», – деди.

53Мысырда жети жыллық молшылық та тамамланды. 54Юсуптиң айтқанындай, жети жыллық ашлық басланды. Ҳәмме еллерде ашлық болса да, пүткил Мысыр елинде азық-аўқат болды. 55Пүткил Мысыр ели аш бола баслағанда, халық фараонға жалбарынып, нан сорады. Сонда фараон оларға: «Юсупке барыңлар, ол сизлерге не десе, соны ислеңлер», – деди. 56Ашлық пүткил елди жайлап алғанда, Юсуп телеклерди ашып, мысырлыларға ғәлле сата баслады. Себеби Мысырда ашлық ҳәўиж алған еди. 57Юсуптен ғәлле сатып алыў ушын, Мысырға барлық еллерден адамлар келетуғын еди. Өйткени пүткил жер жүзинде ашлық күшейген еди.
Copyright information for KaaIBT22C