Genesis 42:1-2
Юсуптиң ағаларының Мысырға келиўи
1Яқып Мысырда ғәлле бар екенин билгенде, улларына: – Неге бир-бириңизге қарап отырсызлар? 2Мен Мысырда ғәлле бар екенин еситтим. Өлмей тири қалыўымыз ушын, сизлер ол жаққа барып, ғәлле сатып алып келиңлер, – деди.