‏ Genesis 45:4-7

4Юсуп оларға:

– Маған жақынырақ келиңлер, – деди. Олар жақынырақ келгенде, Юсуп сөзин былай деп даўам етти:

– Мен сизлер Мысырға сатып жиберген туўысқаныңыз Юсуппен!
5Мени бул жерге сатып жибергениңиз ушын қыйналмаң ҳәм өзлериңизди айыпламаң. Қудай адамлардың өмирин сақлап қалыў ушын, мени сизлерден алдын бул жерге жиберди. 6Елде еки жылдан бери ашлық болмақта, және бес жыл даўамында жер де егилмейди, зүрәәт те жыйналмайды. 7Қудай жер жүзинде урпақларыңызды сақлап қалыў ушын ҳәм таң қаларлық жол менен жанларыңызды қутқарыў ушын, мени сизлерден алдын бул жерге жиберди.
Copyright information for KaaIBT22C