Genesis 6:1-8
Нух ҳәм оның кеме соғыўы
1Жер бетинде адамлар көбейе баслады. Олардан қызлар да туўылды. 2Иләҳий барлықлар ▼▼ Иләҳий барлықлар – еврейшеден сөзбе-сөз аўдарғанда «Қудайдың уллары» ямаса «қудайлардың уллары» дегенди билдиреди. Бул еврейше сөз Ески Келисимниң басқа жерлеринде де иләҳий барлықларға қолланылғаны ушын, илимпазлардың көпшилиги усы аятта да бул сөз иләҳий барлықларды билдиреди деп түсиндиреди.
адамлардың қызларының сулыў екенин көрип, өзлери унатқанларын ҳаяллыққа алды. 3Сонда Жаратқан Ийе: «Мениң Руўхым адамзатта мәңги қалмайды, өйткени олар бары-жоғы бир адам. Адамның өмири бир жүз жигирма жыл болады», – деди. 4Иләҳий барлықлар адамлардың қызларына үйленип, балалы болған күнлерде ҳәм сол күнлерден кейин де жер жүзинде дәўлер бар еди. Олар әййемги заманның атақлы қаҳарманлары ҳәм атақлы адамлары болды. 5Жаратқан Ийе қарап, жер жүзинде адамзаттың жаман ислериниң көп екенин, олардың кеўлиндеги ой-нийетлериниң бәрҳама жаўызлыққа толы екенин көрди. 6Ол жер бетинде адамзатты жаратқанына өкинип, жүреги ғамға толды. 7Сонда Жаратқан Ийе былай деди: «Өзим жаратқан адамзатты, ҳайўанларды, жер баўырлаўшыларды ҳәм қусларды жер бетинен қырып таслайман. Себеби Мен оларды жаратқаныма өкинемен». 8Бирақ Нух Жаратқан Ийениң мийримине еристи.
Copyright information for
KaaIBT22C