Genesis 6
Нух ҳәм оның кеме соғыўы
1Жер бетинде адамлар көбейе баслады. Олардан қызлар да туўылды. 2Иләҳий барлықлар ▼▼ Иләҳий барлықлар – еврейшеден сөзбе-сөз аўдарғанда «Қудайдың уллары» ямаса «қудайлардың уллары» дегенди билдиреди. Бул еврейше сөз Ески Келисимниң басқа жерлеринде де иләҳий барлықларға қолланылғаны ушын, илимпазлардың көпшилиги усы аятта да бул сөз иләҳий барлықларды билдиреди деп түсиндиреди.
адамлардың қызларының сулыў екенин көрип, өзлери унатқанларын ҳаяллыққа алды. 3Сонда Жаратқан Ийе: «Мениң Руўхым адамзатта мәңги қалмайды, өйткени олар бары-жоғы бир адам. Адамның өмири бир жүз жигирма жыл болады», – деди. 4Иләҳий барлықлар адамлардың қызларына үйленип, балалы болған күнлерде ҳәм сол күнлерден кейин де жер жүзинде дәўлер бар еди. Олар әййемги заманның атақлы қаҳарманлары ҳәм атақлы адамлары болды. 5Жаратқан Ийе қарап, жер жүзинде адамзаттың жаман ислериниң көп екенин, олардың кеўлиндеги ой-нийетлериниң бәрҳама жаўызлыққа толы екенин көрди. 6Ол жер бетинде адамзатты жаратқанына өкинип, жүреги ғамға толды. 7Сонда Жаратқан Ийе былай деди: «Өзим жаратқан адамзатты, ҳайўанларды, жер баўырлаўшыларды ҳәм қусларды жер бетинен қырып таслайман. Себеби Мен оларды жаратқаныма өкинемен». 8Бирақ Нух Жаратқан Ийениң мийримине еристи. 9Нухтың өмир тарийхы мынадай: Нух заманласлары арасында ҳақ ҳәм минсиз адам болып, Қудай менен тығыз байланыста жасайтуғын еди. 10Ол Сам, Хам ҳәм Яфет деген үш уллы болды. 11Қудайдың көз алдында жер жүзи бузылып, жаўызлыққа толған еди. 12Қудай жер жүзине қарап, оның соншелли бузылғанын көрди. Өйткени адамлар жолдан шыққан еди. 13Сонда Қудай Нухқа былай деди: «Мен пүткил адамзатты жоқ етемен, өйткени олар себепли жер жаўызлыққа толды. Мен оларға қосып, жер бетин де жоқ етемен. 14Сен өзиңе гофер ағашынан бир кеме соқ. Оны бөлмелерге бөлип, иши-сыртын қара май менен майла. 15Сен кемени былай соғыўың керек: оның узынлығы үш жүз шығанақ, ени елиў шығанақ, бийиклиги отыз шығанақ болсын. 16Ал бастырмасын бир шығанақ жоқары қылып исле. Қапысын қапталдан қой ҳәм кемениң төменги, ортанғы ҳәм жоқарғы қабатлары болсын. 17Минекей, Мен жер жүзине топан суўын жиберип, аспан астындағы ҳәмме тири жанды жоқ етемен. Жердеги барлық нәрсе қырылып қалады. 18Бирақ Мен сениң менен Өз келисимимди дүземен: сен өз улларың, ҳаялың ҳәм келинлериң менен бирге кемеге кир. 19Аман қалыўы ушын, өзиң менен бирге кемеге барлық жаныўарлардың еркек ҳәм урғашысынан жуп-жуптан алып кир. 20Аман қалыўы ушын, қуслардың, ҳайўанлардың ҳәм жер баўырлаўшылардың ҳәр қыйлы түрлери жуп-жуптан саған келеди. 21Өзиңе ҳәм оларға азық болатуғын ҳәр қыйлы аўқатлық затларды жеткиликли етип жыйнап қой». 22Нух Қудайдың буйырғанларының барлығын орынлады. Genesis 7
Топан суўы
1Жаратқан Ийе Нухқа былай деди: «Пүткил хожалығың менен кемеге кир. Өйткени Мен заманласларың ишинде тек сениң ғана Мениң алдымда ҳақ екениңди көрдим. 2Өзиң менен бирге ҳадал деп есапланған ҳайўанлардың түрлеринен, еркек ҳәм урғашысынан жети жуптан, ҳарам деп есапланған ҳайўанлардың түрлеринен, еркек ҳәм урғашысынан еки жуптан ал. 3Және де, туқымы жер бетинде сақланып қалыўы ушын, қуслардың ҳәр қыйлы түрлеринен еркек ҳәм урғашысынан жети жуптан ал. 4Өйткени Мен жети күннен кейин жерге қырық күн, қырық түн жаўын жаўдыраман. Өзим жаратқан ҳәр бир тири жанды жер бетинен қырып таслайман». 5Нух Жаратқан Ийениң буйырғанларының барлығын орынлады. 6Жерди топан суўы басқанда, Нух алты жүз жаста еди. 7Нух, оның уллары, ҳаялы ҳәм келинлери топан суўынан қутылыў ушын кемеге кирди. 8– 9Қудайдың Нухқа буйырғанындай, ҳадал ҳәм ҳарам деп есапланған ҳәр түрли ҳайўанлар, қуслар ҳәм жер баўырлаўшылардың еркеги ҳәм урғашысы жуп-жуп болып Нухқа келип, кемеге кирди. 10Жети күннен соң, жер бетин топан суўы қаплай баслады. 11Нух алты жүз жасқа толған жылдың екинши айының он жетинши күнинде терең туңғыйықтың барлық булақларынан суў атлығып, аспан қақпақлары ашылып кетти. 12Жер жүзине қырық күн, қырық түн жаўын жаўды. 13Тап сол күни Нух, оның уллары Сам, Хам, Яфет, Нухтың ҳаялы ҳәм үш келини кемеге кирди. 14Барлық жабайы ҳайўанлардың, маллардың, жер баўырлаўшылардың, барлық қуслардың ҳәм қанатлылардың да ҳәр қыйлы түрлери олар менен бирге кирди. 15Ҳәр түрли жанлы жаныўарлар жуп-жуптан Нухқа келип, кемеге кирди. 16Кемеге кирген ҳайўанлар Қудай Нухқа буйырғанындай еркек ҳәм урғашы еди. Соннан кейин, Жаратқан Ийе Нухтың изинен кемениң қапысын жапты. 17Топан суўы қырық күн даўам етти ҳәм суўлар тасып, кемени жерден жоқарыға көтерди. 18Суў жер бетинде соншелли көбейип жоқары көтерилгенликтен, кеме суў бетинде жүзе баслады. 19Суўлардың көтерилгени соншелли, жер бетиндеги барлық бәлент таўлар суў астында қалды. 20Көтерилген суўлар таўлардың үстин он бес шығанақ жоқары қаплады. 21Жер жүзиндеги барлық тиришилик: қуслар, маллар, жабайы ҳайўанлар, жер баўырлаўшылар ҳәм барлық адамлар қырылып қалды. 22Қурғақлықтағы тири жанның ҳәммеси өлип қалды. 23Жер жүзиндегилердиң ҳәммеси: адамлардан баслап малларға дейин, жер баўырлаўшылардан баслап қусларға дейин набыт болды. Тек Нух ҳәм оның менен бирге кемеде болғанлар ғана аман қалды. 24Топан суўы жер жүзин бир жүз елиў күн қаплап турды.
Copyright information for
KaaIBT22C