‏ Genesis 6:13-22

13Сонда Қудай Нухқа былай деди: «Мен пүткил адамзатты жоқ етемен, өйткени олар себепли жер жаўызлыққа толды. Мен оларға қосып, жер бетин де жоқ етемен. 14Сен өзиңе гофер ағашынан бир кеме соқ. Оны бөлмелерге бөлип, иши-сыртын қара май менен майла. 15Сен кемени былай соғыўың керек: оның узынлығы үш жүз шығанақ, ени елиў шығанақ, бийиклиги отыз шығанақ болсын. 16Ал бастырмасын бир шығанақ жоқары қылып исле. Қапысын қапталдан қой ҳәм кемениң төменги, ортанғы ҳәм жоқарғы қабатлары болсын. 17Минекей, Мен жер жүзине топан суўын жиберип, аспан астындағы ҳәмме тири жанды жоқ етемен. Жердеги барлық нәрсе қырылып қалады. 18Бирақ Мен сениң менен Өз келисимимди дүземен: сен өз улларың, ҳаялың ҳәм келинлериң менен бирге кемеге кир. 19Аман қалыўы ушын, өзиң менен бирге кемеге барлық жаныўарлардың еркек ҳәм урғашысынан жуп-жуптан алып кир. 20Аман қалыўы ушын, қуслардың, ҳайўанлардың ҳәм жер баўырлаўшылардың ҳәр қыйлы түрлери жуп-жуптан саған келеди. 21Өзиңе ҳәм оларға азық болатуғын ҳәр қыйлы аўқатлық затларды жеткиликли етип жыйнап қой».

22Нух Қудайдың буйырғанларының барлығын орынлады.
Copyright information for KaaIBT22C