‏ Isaiah 53:5-12

5Ал ол бизлердиң қылмысларымыз ушын жарақатланды,
Бизлердиң жынаятымыз ушын азап шекти.
Тынышлық алыўымыз ушын берилетуғын жазаны ол алды,
Оның жаралары бизлерге шыпа берди.
6Бизлердиң ҳәммемиз қойлардай жолдан адастық,
Ҳәр биримиз өз жолымыздан кеттик.
Жаратқан Ийе оған ҳәммемиздиң қылмысымызды жүкледи.

7Ол езилип, азап шексе де, аўзын ашпады,
Сойылыўға алып баратырған қой киби,
Жүн қырқыўшының алдында үнсиз жатқан қой киби,
Ҳеш аўзын ашпады.
8Ол наҳақ ҳүким менен алып кетилди.
Халқымның жынаяты ушын азапланып,
Тирилер әлеминен шығарып тасланды.
Оның заманласларынан қайсы бири буны билди?
9Ол залым да болмаған,
Аўзынан жалған сөз де шықпаған болса да,
Оның қәбири залымлар жанынан белгиленди,
Бай адамның қасына қойылды.

10Оның жәбирленип, азап шегиўи,
Жаратқан Ийениң қәлеўи еди.
Оның жаны гүна ушын қурбанлық етип берилген ўақытта,
Ол өз урпақларын көрип, өмири узаяды.
Ол арқалы Жаратқан Ийениң ерки орынланады.
11Жан азабынан соң ол нурды көреди,
Өз билими арқалы қанаатланады.
Мениң әдил қулым көплерди ақлайды,
Олардың қылмысларын өзине алады.
12Сонлықтан уллылар қатарында оған пай беремен,
Күшлилер менен олжа бөлиседи.
Өйткени ол жанын қурбан етти,
Жынаятшылар қатарында саналды,
Көплердиң гүнасын өзине алды,
Қылмыскерлер ушын араға түсти.
Copyright information for KaaIBT22C