John 1:1-14
Өмир сөзи
1Ең баста Сөз бар еди. Сөз Қудай менен бирге еди. Сөз Қудай еди. 2Ең бастан-ақ Ол Қудай менен бирге еди. 3Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылды. Олсыз ҳеш нәрсе жаратылған емес. 4Онда өмир бар еди. Өмир адамлардың нуры еди. 5Нур қараңғылықта жарқырайды, қараңғылық оны жеңе алмады. 6Қудай тәрепинен жиберилген Яқыя атлы бир адам бар еди. 7Ол нур ҳаққында гүўалық бериўге ҳәм өзиниң гүўалығы арқалы ҳәммени исендириўге келди. 8Оның өзи нур емес еди, бирақ ол нур ҳаққында гүўалық бериўге жиберилген еди. 9Ҳәмме адамды жақты қылатуғын ҳақыйқый нур дүньяға келди. 10Сөз дүньяда еди. Дүнья Ол арқалы жаратылған еди, бирақ дүнья Оны танымады. 11Өз жерине келди, бирақ Өз халқы Оны қабыл етпеди. 12Бирақ Ол Өзин қабыл еткенлерге, атына исенгенлердиң ҳәммесине Қудайдың балалары болыў ҳуқықын берди. 13Олар қаннан да, денениң қәлеўинен де, я адамның қәлеўинен де емес, ал Қудайдан туўылды. 14Сөз адам болып арамызда жасады. Бизлер Оның уллылығын, Әкеден келген, мийримге ҳәм ҳақыйқатқа толы болған жалғыз Улдың уллылығын көрдик.
Copyright information for
KaaIBT22C