John 1:19-28
Шомылдырыўшы Яқыяның ўазы
(Мат 3:1-12; Мрк 1:1-8; Лук 3:15-17)
19Яҳудий басшылары Ерусалимнен руўханийлер менен лебийлилерди ▼▼ Лебийли – лебий урыўына тийисли адам. Олар Ибадатханада хызмет еткен. 1Жлн 23:28-32.
жиберип, Яқыядан: «Сен кимсең?» деп сорағанда, оның гүўалығы мынадай болды. 20Ол тән алды, танбады. «Мен Масийх емеспен», – деп ашық мойынлады. 21Олар және Яқыядан: – Ондай болса, сен кимсең? Илияссаң ▼ ба? – деп сорады. – Ол емеспен, – деди Яқыя. – Сен сол пайғамбармысаң? ▼ – деп сорады олар. – Яқ, – деп жуўап берди ол. 22Сонда олар Яқыяға: – Кимсең, айт, бизлерди жибергенлерге бир жуўап берейик. Өзиң ҳаққында не дейсең? – деди. 23Яқыя: – Ийшая пайғамбардың айтқанындай мен: «Ийемиздиң жолын дүзетиңлер» ▼, – деп шөлде бақырған даўыспан, – деди. 24– 25Парисейлерден ▼▼ Парисейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топары.
жиберилгенлер Яқыядан: – Егер сен Масийх та, Илияс та, я сол пайғамбар да болмасаң, сонда неге адамларды шомылдырып жүрсең? – деп сорады. 26Яқыя оларға былай деп жуўап берди: – Мен суў менен шомылдыраман, бирақ араңызда сизлер танымайтуғын Биреў турыпты. 27Меннен соң киятырған Адам – Усы ▼▼ Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Бирақ Ол меннен алдын бар еди».
. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. 28Булардың ҳәммеси Иордан дәрьясының арғы жағасындағы Бетанияда, Яқыяның шомылдырып жүрген жеринде болды.
Copyright information for
KaaIBT22C