John 11:45-53
Ийсаны өлтириў ушын тил бириктириў
(Мат 26:1-5; Мрк 14:1-2; Лук 22:1-2)
45Солай етип, Мәриямға келип, Ийсаның қылған ислерин көрген яҳудийлердиң көбиси Ийсаға исенди. 46Бирақ айырымлары парисейлерге барып, Ийсаның қылған ислери ҳаққында айтып берди. 47Сонда бас руўханийлер менен парисейлер жоқарғы кеңесте жыйналып: – Бизлер не қылыўымыз керек? Бул Адам көп кәраматлы белгилер ислемекте. 48Егер Оны Өз еркине жиберсек, ҳәмме Оған исенип кетеди. Сонда римлилер келип, Ибадатханамызды да, елимизди де жоқ қылады, – деди. 49Олардың бири, сол жылы бас руўханий болған Каяфа: – Сизлер ҳеш нәрсени билмейсизлер. 50Пүткил халық набыт болғанынан гөре, халық ушын бир адамның өлиўи сизлер ушын жақсырақ екенин түсинбейсизлер ме? – деди. 51– 52Ол бул сөзлерди өзлигинен айтпаған еди. Сол жылы ол бас руўханий болғанлықтан, Ийсаның яҳудий халқы ушын, тек яҳудий халқы ушын ғана емес, ал Қудайдың тарқалып кеткен балаларын жыйнап бирлестириў ушын өлетуғынын болжап айтқан еди. 53Солай етип, сол күннен баслап олар Ийсаны өлтириўге тил бириктирди.
Copyright information for
KaaIBT22C