John 12:1-8
Ийса Бетанияда
(Мат 26:6-13; Мрк 14:3-9)
1Қутқарылыў байрамынан алты күн алдын Ийса Бетанияға, Өзи өлимнен тирилткен Лазар жасайтуғын жерге келди. 2Сол жерде Ийса ушын кешки зыяпат берилди. Марта хызмет етип жүрген еди. Ийса менен дастурхан әтирапында жамбаслап жатырғанлардың арасында Лазар да бар еди. 3Сонда Мәриям кишкене гүзе менен жүдә қымбат туратуғын, сап нардтан алынған әтир майды алып келип, Ийсаның аяқларына жақты ҳәм Оның аяқларын шашлары менен сүртти. Үйдиң иши әтир майдың хош ийисине толып кетти. 4Сонда Ийсаның шәкиртлериниң бири, соңынан Оған сатқынлық ислейтуғын Яҳуда Исқариот: 5– Не ушын бул май үш жүз динарға сатылып, ақшасы жарлыларға берилмеди? – деди. 6Бул сөзлерди ол жарлыларды ойлағаны ушын емес, ал уры болғаны ушын айтты. Орталықтағы пулдың қутысы онда болып, ол қутыға салынғанлардан өзине алатуғын еди. 7Ийса: – Ҳаялды тынышына қой! Ол буны Мениң жерленетуғын күним ушын сақлап қойған. 8Жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, ал Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C