‏ John 12:12-19

Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи

(Мат 21:1-11; Мрк 11:1-11; Лук 19:28-40)

12Ертеңине Ерусалимдеги байрамға келген көп халық Ийсаның да сол жерге келетуғынын еситип қалды. 13Олар пальма ағашының шақаларын алып, Ийсаны қарсы алыўға шықты ҳәм бәлент даўыс пенен былай деди: «Ҳосанна!
Ҳосанна! – «Қутқара гөр!» деген мәнисте. Қудайды алғыслағанда айтылады.

Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын
Израилдың Патшасы жарылқансын!»
Заб 117:25-26.

14 15Мухаддес Жазыўда:
«Қорқпа, қыз Сион
Қыз Сион – Ерусалим.
!
Мине, гүрреге минип, сениң Патшаң киятыр» , –

деп жазылғандай, Ийса бир гүррени таўып, оған минди.

16Оның шәкиртлери дәслеп буны түсинбеди. Бирақ Ийса уллылыққа ерискеннен соң, бул сөзлердиң Ол ҳаққында жазылғанын ҳәм халықтың буларды Ол ушын ислегенин еслерине түсирди.

17Ийсаның Лазарды қәбирден шақырып, оны өлимнен тирилткен ўақтында Ийса менен бирге болған халық көргенлерин айтып жүрди. 18Сонлықтан Ийсаның бул кәраматлы белгини ислегенин еситкен көп адамлар Оны қарсы алыўға шықты. 19Ал парисейлер бир-бирине:

– Көрип турсызлар ма? Қолыңыздан ҳеш нәрсе келмей атыр. Пүткил дүнья Оның изине ерип кетти! – деди.
Copyright information for KaaIBT22C