John 12:27-33
27Енди жүрегим қайғыға толды. Мен не дейин? «Әке, Мени бул ўақыттан қутқар», – дейин бе? Бирақ Мен усы ўақыт ушын келгенмен. 28Әке, Өз атыңды уллыла! Сонда аспаннан: – Атымды уллыладым, Мен оны және де уллылайман, – деген саза келди. 29Сол жерде турып, буны еситкен аламан ишинен айырымлары: «Аспан гүркиреди», – деди. Ал басқалары: «Оған периште сөйледи», – деди. 30Ийса оларға жуўап берип: – Бул саза Мен ушын емес, ал сизлер ушын еситилди. 31Ҳәзир бул дүньяның ҳүким етилетуғын ўақты келди. Ҳәзир бул дүньяның ҳәкими ▼▼ Бул дүньяның ҳәкими – шайтан.
қуўып шығарылады. 32Мен жерден жоқарыға көтерилгенимде, ҳәмме адамларды Өзиме тартаман, – деди. 33Ийса буны қандай өлим менен өлетуғынын билдириў ушын айтты.
Copyright information for
KaaIBT22C