‏ John 13:21-30

21Ийса буларды айтқаннан соң, руўхый қыйналып, ашық сөйлеп былай деди:

– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди.

22Шәкиртлери Оның кимди нәзерде тутып атырғанын түсинбей, бир-бирине қарасты. 23Шәкиртлерден бири Оның қасында жамбаслап жатырған еди. Ийса оны сүйетуғын еди. 24Шимон Петр сол шәкиртке: «Ол ким туўралы айтып атыр, сора», – деп ымлады.

25Ийсаның көкирегине сүйенип жатырған сол шәкирт Оннан:

– Ийем, ол ким? – деп сорады.

26Ийса жуўап берип:

– Мен мына бир бөлек нанды малып, кимге берсем, ол – сол, – деди де, бир бөлек нанды малып, Шимон улы Яҳуда Исқариотқа берди.
27Яҳуда нанды алыўдан-ақ, оның ишине шайтан кирди. Ийса оған:

– Қылажақ исиңди тезирек қыл, – деди.

28Дастурхан әтирапында отырғанлардың ҳеш қайсысы Ийсаның бул сөзлерди Яҳудаға не ушын айтқанын түсинбеди. 29Ақша қутысы Яҳудада болғанлықтан, Ийса оған: «Байрам ушын бизлерге керекли затларды сатып ал» ямаса «Жарлыларға бир нәрсе бер», – деп атырған шығар, деп ойлады гейбиреўлери. 30Ал Яҳуда бир бөлек нанды алыўдан-ақ, сыртқа шығып кетти. Түн болған еди.
Copyright information for KaaIBT22C