‏ John 18:12-18

12Соңынан әскерлер топары менен олардың басшысы ҳәм яҳудийлердиң сақшылары Ийсаны услап байлады. 13Оны дәслеп Ханнаға алып барды. Ханна сол жылы бас руўханий болған Каяфаның қәйин атасы еди. 14Яҳудий басшыларына: «Халық ушын бир адамның өлиўи жақсырақ», – деп кеңес берген усы Каяфа еди.

Петрдиң Ийсадан таныўы

(Мат 26:69-70; Мрк 14:66-68; Лук 22:55-57)

15Шимон Петр менен және басқа шәкирти Ийсаның изине ерип барды. Бул шәкирт бас руўханийге таныс болғанлықтан, Ийса менен бирге бас руўханийдиң ҳәўлисине кирди. 16Ал Петр сыртта, қапының алдында қалды. Бас руўханийдиң танысы болған сол шәкирт сыртқа шығып, қапыны қараўыллаған шоры қыз бенен сөйлести де, Петрди ишке алып кирди.

17Қапыны қараўыллаған шоры қыз Петрден:

– Сен де бул Адамның шәкиртлеринен емессең бе? – деп сорады.

– Яқ, – деп жуўап берди ол.

18Күн суўық болғанлықтан, хызметшилер менен сақшылар көмир жағып, жылынып турды. Петр де олар менен бирге турып жылынды.
Copyright information for KaaIBT22C