‏ John 18:19-24

Бас руўханийдиң Ийсаны тергеўи

(Мат 26:59-66; Мрк 14:55-64; Лук 22:66-71)

19Бас руўханий Ийсадан Оның шәкиртлери ҳәм тәлиматы ҳаққында сорады.

20Ийса оған былай деп жуўап берди:

– Мен дүньяға ашық сөйледим. Ҳәмме ўақытта яҳудийлер жыйналатуғын мәжилисханаларда ҳәм Ибадатханада үйреттим. Жасырын ҳеш нәрсе айтпадым.
21Неге Меннен сорап атырсаң? Сөзлеримди еситкенлерден сора. Олар не айтқанымды биледи.

22Ийса усыларды айтқанда, Оған жақын турған сақшылардың бири:

– Бас руўханийге де усылай жуўап бериўге бола ма? – деп Оның бетине урып жиберди.

23Ийса оған:

– Егер Мен надурыс сөйлеген болсам, надурыслығымды дәлилле. Бирақ дурыс сөйлеген болсам, неге Мени урасаң? – деди.

24Ханна Ийсаны байлаўлы ҳалында бас руўханий Каяфаға жиберди.
Copyright information for KaaIBT22C