John 18:25-27
Петрдиң Ийсадан және таныўы
(Мат 26:71-75; Мрк 14:69-72; Лук 22:58-62)
25Шимон Петр еле отқа жылынып тур еди. – Сен де Оның шәкиртлеринен емессең бе? – деп сорады олар. Бирақ ол танып: – Яқ, – деди. 26Бас руўханийдиң қулларының бири, Петр қулағын шапқан адамның ағайини Петрден: – Сени бағда Оның менен бирге көрген жоқпан ба? – деп сорады. 27Петр және танды. Сол ўақытта-ақ қораз шақырды.
Copyright information for
KaaIBT22C