‏ John 18:28-32

Ийса Пилат алдында

(Мат 27:1-2, 11-31; Мрк 15:1-5; Лук 23:1-5, 13-25)

28Таң азанда яҳудий басшылары Ийсаны Каяфаның алдынан ҳәким Пилаттың сарайына алып барды. Олар Қутқарылыў байрамының асын ҳарамланбай жеў ушын сарайға кирмеди. 29Сол себептен Пилат сыртқа шығып, олардан:

– Бул адамды не нәрседе айыплап атырсызлар? – деп сорады.

30Олар жуўап берип:

– Егер бул адам жынаятшы болмағанда, Оны сениң алдыңа алып келмес едик, – деди.

31Пилат оларға:

– Оны өзлериңиз алып кетип, өз нызамыңыз бойынша ҳүким етиңлер, – деди.

Яҳудий басшылары:

– Бизлерге ҳеш кимди өлтириўге рухсат етилмеген, – деди.

32Ийсаның Өзиниң қандай өлим менен өлетуғыны ҳаққында айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын усылай болды.
Copyright information for KaaIBT22C