John 18:28-38
Ийса Пилат алдында
(Мат 27:1-2, 11-31; Мрк 15:1-5; Лук 23:1-5, 13-25)
28Таң азанда яҳудий басшылары Ийсаны Каяфаның алдынан ҳәким Пилаттың сарайына алып барды. Олар Қутқарылыў байрамының асын ҳарамланбай жеў ушын сарайға кирмеди. 29Сол себептен Пилат сыртқа шығып, олардан: – Бул адамды не нәрседе айыплап атырсызлар? – деп сорады. 30Олар жуўап берип: – Егер бул адам жынаятшы болмағанда, Оны сениң алдыңа алып келмес едик, – деди. 31Пилат оларға: – Оны өзлериңиз алып кетип, өз нызамыңыз бойынша ҳүким етиңлер, – деди. Яҳудий басшылары: – Бизлерге ҳеш кимди өлтириўге рухсат етилмеген, – деди. 32Ийсаның Өзиниң қандай өлим менен өлетуғыны ҳаққында айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын усылай болды. 33Сонда Пилат және сарайына кирди ҳәм Ийсаны өзине шақыртып: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. 34Ийса былай деп жуўап берди: – Буны өзиң айтып турсаң ба ямаса Мен туўралы саған басқалар айтты ма? 35Пилат: – Мен не яҳудиймен бе? Сени маған Өз халқың менен бас руўханийлериң тапсырды. Сен не ислеп қойдың? – деди. 36Ийса жуўап берип: – Мениң Патшалығым бул дүньяда емес. Егер Патшалығым бул дүньяда болғанда, яҳудий басшыларының қолына тапсырылмаўым ушын, хызметшилерим гүресер еди. Бирақ Мениң Патшалығым бул жерде емес, – деди. 37– Демек, Сен патша екенсең-дә? – деди Пилат. Ийса жуўап берип: – Өзиң айтқандай, Мен Патшаман. Мен ҳақыйқат ҳаққында гүўалық бериў ушын туўылдым ҳәм соның ушын дүньяға келдим. Ким ҳақыйқат тәрепинде болса, Мениң даўысымды еситеди, – деди. 38Пилат Ийсаға: – Ҳақыйқат деген не? – деди. Буны айтып болғаннан соң, Пилат және яҳудийлердиң жанына шығып, оларға: – Мен Оннан ҳеш айып таба алмай атырман.
Copyright information for
KaaIBT22C