‏ John 18:3-11

3Солай етип, Яҳуда жанына бир топар Рим әскерлери менен бас руўханийлер ҳәм парисейлер жиберген сақшыларды алып, сол жерге келди. Олардың қолларында паныс, шом ҳәм қураллар бар еди.

4Ийса Өзине болажақ ҳәмме нәрсени билгенликтен, алдына шығып, олардан:

– Кимди излеп жүрсизлер? – деп сорады.

5– Насыралы Ийсаны, – деп жуўап берди олар.

– Мен – Солман, – деди Ийса.

Ийсаның сатқыны Яҳуда да олар менен бирге турған еди.
6Ийса: «Мен – Солман» деўи менен, олар артқа шегинип, жерге жығылды.

7Сонда Ийса олардан және:

– Кимди излеп жүрсизлер? – деп сорады.

– Насыралы Ийсаны, – деди олар.

8Ийса жуўап берип:

– Сизлерге айттым-ғо, Мен – Солман. Егер Мени излеп жүрген болсаңлар, бул адамларды жибериңлер, кетсин, – деди.

9Бул Оның: «Сениң Маған бергенлериңниң ҳеш бирин жойтпадым», – деп бурын Өзи айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын болды.

10Сонда Шимон Петр жанындағы қылышын суўырып алып, бир силтеп, бас руўханийдиң қулының оң қулағын шаўып таслады. Қулдың аты Малкус еди.

11Ийса Петрге:

– Қылышыңды қынабына салып қой! Әкемниң Маған берген азап кесесинен ишпейин бе? – деди.
Copyright information for KaaIBT22C