‏ John 18:31-40

31Пилат оларға:

– Оны өзлериңиз алып кетип, өз нызамыңыз бойынша ҳүким етиңлер, – деди.

Яҳудий басшылары:

– Бизлерге ҳеш кимди өлтириўге рухсат етилмеген, – деди.

32Ийсаның Өзиниң қандай өлим менен өлетуғыны ҳаққында айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын усылай болды.

33Сонда Пилат және сарайына кирди ҳәм Ийсаны өзине шақыртып:

– Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады.

34Ийса былай деп жуўап берди:

– Буны өзиң айтып турсаң ба ямаса Мен туўралы саған басқалар айтты ма?

35Пилат:

– Мен не яҳудиймен бе? Сени маған Өз халқың менен бас руўханийлериң тапсырды. Сен не ислеп қойдың? – деди.

36Ийса жуўап берип:

– Мениң Патшалығым бул дүньяда емес. Егер Патшалығым бул дүньяда болғанда, яҳудий басшыларының қолына тапсырылмаўым ушын, хызметшилерим гүресер еди. Бирақ Мениң Патшалығым бул жерде емес, – деди.

37– Демек, Сен патша екенсең-дә? – деди Пилат.

Ийса жуўап берип:

– Өзиң айтқандай, Мен Патшаман. Мен ҳақыйқат ҳаққында гүўалық бериў ушын туўылдым ҳәм соның ушын дүньяға келдим. Ким ҳақыйқат тәрепинде болса, Мениң даўысымды еситеди, – деди.

38Пилат Ийсаға:

– Ҳақыйқат деген не? – деди.

Буны айтып болғаннан соң, Пилат және яҳудийлердиң жанына шығып, оларға:

– Мен Оннан ҳеш айып таба алмай атырман.
39Бирақ сизлерде бар бир әдет бойынша, мен ҳәр Қутқарылыў байрамында сизлер ушын бир тутқынды босатып беретуғын едим. Сизлер ушын Яҳудийлердиң Патшасын босатып бериўимди қәлейсизлер ме? – деди.

40Бирақ олар және:

– Яқ, Оны емес, Бараббаны босат! – деп бақырысты.

Ал Барабба қозғалаңшы еди.

‏ John 19:1-16

Ийсаның өлимге ҳүким етилиўи

1Сонда Пилат Ийсаны услап, қамшылаўды буйырды. 2Әскерлер тикенли шыбықлардан таж өрип, Ийсаның басына кийгизди. Соңынан Оған шым қызыл шапан жапты. 3Алдына келип:

– Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп жүзине шапалақ пенен урды.

4Пилат және сыртқа шығып, яҳудийлерге:

– Мине, мениң Оннан ҳеш бир айып таппағанымды сизлерди билсин деп, Оны сизлердиң алдыңызға шығарып атырман, – деди.

5Сонда басында тикенли тажы, үстинде шым қызыл шапаны бар Ийса сыртқа шықты. Пилат оларға:

– Мине, бул Адам! – деди.

6Бас руўханийлер менен олардың сақшылары Ийсаны көргенде:

– Оны атанақ ағашқа шегелет, шегелет! – деп бақырысты.

Пилат оларға:

– Оны сизлер алып кетип, атанақ ағашқа шегелеңлер. Өйткени мен Оннан ҳеш қандай айып таппай атырман, – деди.

7Яҳудий басшылары оған жуўап берип:

– Бизлерде нызам бар ҳәм сол нызам бойынша, Ол өлиўи шәрт. Себеби Ол Өзин Қудайдың Улы деп атады, – деди.

8Пилат бул сөзлерди еситкенде, бурынғыдан бетер қорқып кетти. 9Қайтадан сарайына кирип, Ийсадан:

– Сен қай жерденсең? – деп сорады.

Бирақ Ийса оған жуўап бермеди.
10Пилат Оған:

– Мениң менен сөйлеспейжақсаң ба? Сени азат қылыўға да, атанақ ағашқа шегелетиўге де бийлигим бар екенин билмейсең бе? – деди.

11Ийса жуўап берип:

– Саған Қудайдан берилмегенде, сенде Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлик болмас еди. Сонлықтан Мени саған услап бергенниң гүнасы сениң гүнаңнан аўырырақ, – деди.

12Сол ўақыттан баслап, Пилат Ийсаны азат етиўге тырысты. Бирақ яҳудий басшылары:

– Бул Адамды азат қылсаң, Рим императорының досты емессең. Өзин патша деп атайтуғын ҳәр бир адам императорға қарсы болады, – деп бақырысты.

13Пилат бул сөзлерди еситкенде, Ийсаны сыртқа шығарды ҳәм «Тас майданша», еврейше Габбата деп аталған жердеги ҳүким гүрсисине отырды. 14Таярлық күни, Қутқарылыў байрамынан бир күн бурын саат он екилер шамасында Пилат яҳудийлерге:

– Мине, сизлердиң Патшаңыз! – деди.

15Бирақ олар бақырысып:

– Жоқ қыл Оны! Жоқ қыл, атанақ ағашқа шегеле! – деди.

Пилат оларға:

– Сизлердиң Патшаңызды атанақ ағашқа шегелейин бе? – деди.

– Бизлердиң Рим императорынан басқа патшамыз жоқ, – деп жуўап берди бас руўханийлер.

16Солай етип, Пилат Ийсаны атанақ ағашқа шегелеў ушын әскерлерге тапсырды.

Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи

(Мат 27:32-44; Мрк 15:21-32; Лук 23:26-43)

Әскерлер Ийсаны алып кетти.
Copyright information for KaaIBT22C