John 19:1-16
Ийсаның өлимге ҳүким етилиўи
1Сонда Пилат Ийсаны услап, қамшылаўды буйырды. 2Әскерлер тикенли шыбықлардан таж өрип, Ийсаның басына кийгизди. Соңынан Оған шым қызыл шапан жапты. 3Алдына келип: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп жүзине шапалақ пенен урды. 4Пилат және сыртқа шығып, яҳудийлерге: – Мине, мениң Оннан ҳеш бир айып таппағанымды сизлерди билсин деп, Оны сизлердиң алдыңызға шығарып атырман, – деди. 5Сонда басында тикенли тажы, үстинде шым қызыл шапаны бар Ийса сыртқа шықты. Пилат оларға: – Мине, бул Адам! – деди. 6Бас руўханийлер менен олардың сақшылары Ийсаны көргенде: – Оны атанақ ағашқа шегелет, шегелет! – деп бақырысты. Пилат оларға: – Оны сизлер алып кетип, атанақ ағашқа шегелеңлер. Өйткени мен Оннан ҳеш қандай айып таппай атырман, – деди. 7Яҳудий басшылары оған жуўап берип: – Бизлерде нызам бар ҳәм сол нызам бойынша, Ол өлиўи шәрт. Себеби Ол Өзин Қудайдың Улы деп атады, – деди. 8Пилат бул сөзлерди еситкенде, бурынғыдан бетер қорқып кетти. 9Қайтадан сарайына кирип, Ийсадан: – Сен қай жерденсең? – деп сорады. Бирақ Ийса оған жуўап бермеди. 10Пилат Оған: – Мениң менен сөйлеспейжақсаң ба? Сени азат қылыўға да, атанақ ағашқа шегелетиўге де бийлигим бар екенин билмейсең бе? – деди. 11Ийса жуўап берип: – Саған Қудайдан берилмегенде, сенде Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлик болмас еди. Сонлықтан Мени саған услап бергенниң гүнасы сениң гүнаңнан аўырырақ, – деди. 12Сол ўақыттан баслап, Пилат Ийсаны азат етиўге тырысты. Бирақ яҳудий басшылары: – Бул Адамды азат қылсаң, Рим императорының досты емессең. Өзин патша деп атайтуғын ҳәр бир адам императорға қарсы болады, – деп бақырысты. 13Пилат бул сөзлерди еситкенде, Ийсаны сыртқа шығарды ҳәм «Тас майданша», еврейше Габбата деп аталған жердеги ҳүким гүрсисине отырды. 14Таярлық күни, Қутқарылыў байрамынан бир күн бурын саат он екилер шамасында Пилат яҳудийлерге: – Мине, сизлердиң Патшаңыз! – деди. 15Бирақ олар бақырысып: – Жоқ қыл Оны! Жоқ қыл, атанақ ағашқа шегеле! – деди. Пилат оларға: – Сизлердиң Патшаңызды атанақ ағашқа шегелейин бе? – деди. – Бизлердиң Рим императорынан басқа патшамыз жоқ, – деп жуўап берди бас руўханийлер. 16Солай етип, Пилат Ийсаны атанақ ағашқа шегелеў ушын әскерлерге тапсырды.Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи
(Мат 27:32-44; Мрк 15:21-32; Лук 23:26-43)
Әскерлер Ийсаны алып кетти.
Copyright information for
KaaIBT22C