‏ John 19:17-27

17Ийса Өз атанақ ағашын арқалап, «Бас сүйек орны», еврейше Голгота деп аталған жерге келди. 18Сол жерде Ийсаны ҳәм Оның менен бирге еки адамды атанақ ағашқа шегеледи. Олардың биреўи оң тәрепте, екиншиси сол тәрепте, ал Ийса ортада еди.

19Пилат жазыў жаздырып, оны атанақ ағаштың үстине илдиртти. Онда: «НАСЫРАЛЫ ИЙСА – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ», – деп жазылған еди. 20Яҳудийлердиң көбиси бул жазыўды оқыды. Өйткени Ийса атанақ ағашқа шегеленген жер қалаға жақын еди ҳәм бул жазыў еврейше, латынша ҳәм грекше жазылған еди. 21Яҳудийлердиң бас руўханийлери Пилатқа былай деди:

– «Яҳудийлердиң Патшасы» деп жазба, «Оның Өзи: Мен – Яҳудийлердиң Патшасыман, деди», – деп жаз.

22– Не жазажақ болсам жаздым, – деп жуўап берди Пилат.

23Әскерлер Ийсаны атанақ ағашқа шегелегеннен соң, Оның кийимин алды ҳәм оны төрт бөлекке бөлип, ҳәр қайсысы бир бөлектен алды. Көйлегин де алды. Ол тигилмеген болып, бастан-аяқ бир пүтин тоқыма еди.

24Сонлықтан әскерлер бир-бирине:

– Буны жыртпайық, шек таслайық, кимге түссе, сол алсын, – деди.

Бул Мухаддес Жазыўдағы мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды: «Кийимлеримди өз ара бөлисти,
Липасларым ушын шек таслады»
Заб 21:19.
.

Әскерлер усы айтылғанды иследи.
25Ийсаның атанақ ағашының қасында Оның анасы, анасының апасы, Клопаның ҳаялы Мәриям ҳәм магдалалы Мәриям турған еди. 26Ийса анасын ҳәм оның жанында турған Өзиниң сүйикли шәкиртин көргенде, анасына:

– Апа, мине, сениң улың, – деди.

27Кейин шәкиртине:

– Мине, бул сениң анаң, – деди.

Сол ўақыттан баслап, сол шәкирт оны өз үйине алды.
Copyright information for KaaIBT22C