‏ John 19:38-42

Ийсаның қәбирге қойылыўы

(Мат 27:57-61; Мрк 15:42-47; Лук 23:50-56)

38Буннан соң, ариматиялы Юсуп Ийсаның денесин алып кетиў ушын Пилаттан рухсат сорады. Юсуп Ийсаның шәкирти еди. Бирақ ол яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, буны жасырып жүрген еди. Пилат рухсат бергеннен соң, Юсуп барып, Ийсаның денесин алып кетти. 39Бурын түнде Ийсаға келген Никодим де жүз қадаққа
Жүз қадақ – жүз «литра» (грек аўырлық өлшеми). Шама менен 34 кг.
жақын мирра
Мирра – хош ийисли шайыр.
менен алоэ араласпасын алып келди.
40Яҳудийлердиң жерлеў дәстүри бойынша, олар Ийсаның денесин хош ийисли затлар себилген зығыр кепинге орады. 41Ийса атанақ ағашқа шегеленген жерде бир бағ болып, бул бағдың ишинде еле ҳеш ким қойылмаған бир жаңа қәбир бар еди. 42Бул күн яҳудийлердиң таярлық күни болғанлықтан, қәбир жақын жайласқаны себепли, олар Ийсаны сол жерге қойды.
Copyright information for KaaIBT22C