‏ John 2:13-22

Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы

(Мат 21:12-13; Мрк 11:15-17; Лук 19:45-46)

13Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы
Қутқарылыў байрамы – сөзликке қараң.
жақынласып қалғанда, Ийса Ерусалимге кетти.
14Ибадатханада ири қара мал, қой ҳәм кептер сатыўшыларды, сол жерде отырған ақша алмастырыўшыларды көрди. 15Ийса арқаннан қамшы ислеп, барлық саўдагерлерди, қойларды ҳәм ири қара малларды Ибадатханадан қуўып шығарды. Ақша алмастырыўшылардың ақшаларын шашып, столларын аўдарып таслады. 16Ол кептер сатыўшыларға:

– Мыналарды бул жерден жоқ етиңлер, Әкемниң Үйин базарға айландырмаңлар! – деди.

17Сонда шәкиртлери: «Сениң Үйиңе болған ықласым ишимди жейди» , – деп айтылған Мухаддес Жазыўдағы сөзлерди еслерине түсирди.

18Яҳудий басшылары Ийсадан:

– Буларды ислеўге бийлигиң бар екенин бизлерге қандай кәраматлы белги менен дәлиллей аласаң? – деп сорады.

19Ийса оларға жуўап берип:

– Бул Ибадатхананы бузыңлар, Мен оны үш күнниң ишинде қайта тиклеймен, – деди.

20Олар Ийсаға:

– Бул Ибадатхана қырық алты жылда қурылған, Сен оны үш күнниң ишинде тиклемекшимисең? – деди.

21Бирақ Ийсаның Ибадатхана деп айтқаны Өз денеси еди. 22Ийса өлимнен қайта тирилгеннен соң, шәкиртлери Оның бул сөзлерин еслерине түсирип, Мухаддес Жазыўға ҳәм Ийсаның бул сөзине исенди.
Copyright information for KaaIBT22C