John 20:1-10
Ийсаның қайта тирилиўи
(Мат 28:1-8; Мрк 16:1-8; Лук 24:1-12)
1Екшемби күни таң азанда, еле қараңғы болғанда, магдалалы Мәриям қәбирге келди ҳәм қәбирдиң аўзындағы тастың алып тасланғанын көрди. 2Ол жуўырып, Шимон Петрге ҳәм Ийсаның жақсы көретуғын сол шәкиртине барды да, оларға: – Ийемизди қәбирден алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймиз, – деди. 3Сонда Петр менен басқа шәкирт шығып, қәбирге қарай жол алды. 4Олар жуўырып кетти. Бирақ сол шәкирт Петрден тезирек жуўырып, қәбирге биринши болып келди. 5Ол ишке үңилип қарағанда, сол жерде жатырған зығыр кепинди көрди, бирақ ишке кирмеди. 6Оның изинен Шимон Петр жетип келип, қәбирге кирди. Сол жерде жатырған кепинди ҳәм 7Ийсаның басына оралған орамалды көрди. Орамал кепин менен бирге емес, ал бөлек жерде бүкленип турған еди. 8Сонда қәбирге биринши болып келген сол шәкирт те ишке кирди ҳәм усыларды көрип, исенди. 9Себеби олар Ийсаның өлимнен қайта тирилиўи тийис екенлиги туўралы айтылған Мухаддес Жазыўды елеге дейин түсинбейтуғын еди. 10Буннан соң, шәкиртлер үйлерине қайтып кетти.
Copyright information for
KaaIBT22C