John 20:11-18
Ийсаның магдалалы Мәриямға көриниўи
(Мат 28:9-10; Мрк 16:9-11)
11Ал Мәриям қәбирдиң сыртында жылап турған еди. Жылап турып, еңкейип қәбирдиң ишине қарады 12ҳәм ақ кийимли еки периштени көрди. Бири Ийсаның денеси жатқан жердиң бас ушында, екиншиси аяқ ушында отырған еди. 13Олар Мәриямнан: – Ҳаял, сен неге жылап турсаң? – деп сорады. – Ийемди алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймен, – деди ол. 14Усыларды айтып болып, арқасына бурылды ҳәм Ийсаның турғанын көрди. Бирақ Оның Ийса екенин танымады. 15Ийса оған: – Ҳаял, сен неге жылап турсаң? Кимди излеп жүрсең? – деди. Мәриям Оны бағман деп ойлап, Оған: – Мырза, егер Оны сен алып кеткен болсаң, қай жерге қойғаныңды маған айт, мен Оны алып қайтайын, – деди. 16Ийса оған: – Мәриям! – деди. Мәриям бурылып, еврейшелеп: – Рәббуний! – деди. Рәббуний – «устаз» дегенди аңлатады. 17Ийса оған: – Маған қол тийгизбе! Себеби Мен еле Әкемниң жанына көтерилмедим. Ал сен туўысқанларыма барып, Мениң Әкемниң ҳәм сизлердиң Әкеңиздиң, Мениң Қудайымның ҳәм сизлердиң Қудайыңыздың алдына көтерилип баратырғанымды айт, – деди. 18Магдалалы Мәриям шәкиртлерге барып, оларға: – Мен Ийемди көрдим! – деди ҳәм Ийсаның өзине не айтқанларын оларға хабарлады.
Copyright information for
KaaIBT22C