John 20:19-23
Ийсаның шәкиртлерине көриниўи
(Мат 28:16-20; Мрк 16:14-18; Лук 24:36-49)
19Екшемби күни кеште шәкиртлер бирге жыйналған еди. Яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, олар үйдиң қапыларын илип қойғанда, Ийса келди. Олардың ортасында турып, оларға: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди. 20Буны айтып, оларға қолларын ▼▼ Әййемги славянша аўдармада «ҳәм аяқларын» деген сөзлер де бар.
ҳәм бүйирин көрсетти. Шәкиртлер Ийемизди көрип, қатты қуўанды. 21Ийса оларға және былай деди: – Тынышлық сизлерге яр болсын! Әкем Мени жибергени сыяқлы, Мен де сизлерди жиберип атырман. 22Усылай деди де, оларға қарай үплеп: – Мухаддес Руўхты алыңлар. 23Сизлер кимниң гүналарын кеширсеңлер, Қудай да оның гүналарын кеширеди. Сизлер кимниң гүналарын кеширмесеңлер, Қудай да оның гүналарын кеширмейди, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C