John 4:43-54
Ийсаның патша хызметкериниң улына шыпа бериўи
(Мат 8:5-13; Лук 7:1-10)
43Еки күн өткеннен соң, Ийса сол жерден шығып, Галилаға кетти. 44Ийсаның Өзи: «Пайғамбар өз ўатанында қәдирсиз», – деп айтқан еди. 45Ол Галилаға келгенде, галилалылар Оны жыллы жүзлилик пенен қабыл алды. Өйткени олар да Ерусалимдеги Қутқарылыў байрамына барып, Ийсаның сол жерде ислеген барлық ислерин көрген еди. 46Ийса және Өзи суўды шарапқа айландырған Галиланың Кана қаласына келди. Сол жерде патшаның бир хызметкери болып, оның улы Капарнаҳумда аўырып атырған еди. 47Ол Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгенин еситип, Оған барды. Келип, өлим төсегинде жатырған улына шыпа бериўди Ийсадан өтинди. 48Ийса оған: – Сизлер кәраматлы белгилерди ҳәм таң қаларлық нәрселерди көрмегенше исенбейсизлер! – деди. 49Патша хызметкери Ийсаға: – Мырза, улым өлип қалмастан бурын келе гөр! – деди. 50Ийса оған: – Бар, улың жасайды, – деди. Ол адам Ийсаның сөзине исенип, кетти. 51Жолда киятырғанда оны хызметшилери қарсы алып, оған баласының тири қалғанын айтты. 52Ол хызметшилеринен баласының аўҳалының саат нешеде жеңиллескенин сорағанда, олар: – Кеше түски саат бирде ыссылығы түсти, – деди. 53Сонда баланың әкеси буның: «Улың жасайды», – деп Ийса айтқан ўақытта болғанын билип, оның өзи ҳәм шаңарағындағылардың ҳәммеси исенди. 54Бул – Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгеннен соң ислеген екинши кәраматлы белгиси еди.
Copyright information for
KaaIBT22C