‏ John 6:1-14

Ийсаның бес мың адамды тойғызыўы

(Мат 14:13-21; Мрк 6:30-44; Лук 9:10-17)

1Буннан соң, Ийса Галила, яғный Тиберия көлиниң арғы жағасына өтти. 2Оның аўырыўларға шыпа бериў арқалы ислеген кәраматлы белгилерин көргенликтен, көп халық изине ерди. 3Ийса таўға шығып, шәкиртлери менен бирге сол жерде отырды. 4Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди.

5Ийса басын көтерип, Өзине қарай көп халықтың киятырғанын көрип, Филиптен:

– Бул адамларды аўқатландырыў ушын нанды қаяқтан сатып аламыз? – деп сорады.

6Ийса бул гәпти оны сынаў ушын айтты. Себеби Ол не ислейжақ екенин Өзи билетуғын еди.

7Филип Оған:

– Олардың ҳәр бирине аз-маз берсек те, еки жүз динарлық
Еки жүз динарлық – бир динар жумысшының бир күнлик ис ҳақысы.
нан жетпейди, – деп жуўап берди.

8Шәкиртлеринен бири, Шимон Петрдиң туўысқаны Андрей Ийсаға:

9– Бул жерде бир балада бес арпа наны менен еки балық бар. Бирақ усыншама адам ушын булар не болады? – деди.

10Ийса:

– Халықты жерге отырғызыңлар, – деди.

Ол жерде шөп көп болғанлықтан, бес мыңға шамалас ер адам жерге жамбаслады.
11Сонда Ийса нанларды алып, Қудайға шүкирлик етти де, отырғанларға үлестирип берди
отырғанларға үлестирип берди – Базы қолжазбаларда «шәкиртлерине берди, шәкиртлери отырғанларға үлестирип берди» делинген.
. Сол сыяқлы, оларға балықларды да қәлегенинше бөлип берди.

12Ҳәмме жеп тойғанда, Ийса шәкиртлерине:

– Аўысқан бөлеклерин жыйнап алыңлар, ҳеш нәрсе зая болмасын, – деди.

13Солай етип, шәкиртлер адамлар жеген бес арпа нанынан аўысқан бөлеклерди жыйнап, үлкен он еки себет толтырды.

14Халық Ийса ислеген кәраматлы белгини көрип:

– Ҳақыйқаттан да, Бул дүньяға келетуғын пайғамбар екен, – дести.
Copyright information for KaaIBT22C