Joshua 10:7-14
7Сонлықтан Ешуа пүткил әскерлери ҳәм мәрт жаўынгерлери менен бирге Гилгалдан жолға шықты. 8Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға: – Олардан қорқпа. Мен оларды саған тәслим етип атырман. Олардың ҳеш бири саған қарсы тура алмайды, – деди. 9Гилгалдан шығып, түни менен жол жүрген Ешуа аморларға тосаттан ҳүжим жасады. 10Жаратқан Ийе аморларды израиллылардың алдында албыратып таслады ҳәм израиллылар оларды Гибонда үлкен қыйралыўға ушыратты. Бейт-Хоронға баратуғын жол бойынша, оларды Азеқаға ҳәм Маккедаға жеткенше қуўып, өлтирип барды. 11Жаратқан Ийе израиллылардан қашқан аморлардың үстине Бейт-Хороннан Азеқаға барғанша аспаннан ири тас буршақ жаўдырды. Жаўған тас буршақтың астында өлгенлер израиллылардың қылыш пенен өлтиргенлеринен де көбирек еди. 12Жаратқан Ийениң аморларды израиллылар тәрепинен қыйратқан күни Ешуа Израил халқының алдында Жаратқан Ийеге дуўа етти. Ол халықтың көз алдында былай деди:«Ҳәй қуяш, тур сен Гибон үстинде,Ҳәй ай, сен де Айялон ойпатлығында».
13Халық өз душпанларынан өшин алғанша, қуяш тоқтап, ай да өз орнында турды. Бул ўақыя Әдилдиң китабында сөз етилген. Қуяш шама менен бир күн бойы аспанның ортасында турды, батыўға асықпады. 14Жаратқан Ийе адамның сөзине қулақ асқан бундай күн – буннан алдын да, буннан кейин де болған емес. Себеби Жаратқан Ийениң Өзи Израил ушын саўаш жүргизген еди.
Copyright information for
KaaIBT22C