Joshua 3:1-4
Израиллылардың Иордан дәрьясынан өтиўи
1Ешуа таң азаннан турды да, пүткил Израил халқы менен бирликте Шиттимнен жолға шығып, Иордан дәрьясына келди. Олар дәрьяны кесип өтпей, сол жерде түнеди. 2Үшинши күнниң соңында орданы бастан-аяқ айланып шыққан қадағалаўшылар 3халыққа былай деп буйырды: – Лебийли руўханийлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Келисим сандығын көтерип баратырғанын көргениңизде, сизлер де орныңыздан қозғалып, сандықтың изине ериңлер. 4Солай етип, сизлер қайсы тәрепке баратуғыныңызды билип аласызлар. Себеби сизлер алдын бул жолдан ҳеш қашан жүрип көрмегенсизлер. Бирақ Келисим сандығына жақынласпаңлар. Сандық пенен сизлердиң араңызда еки мың шығанақ қашықлық болсын.
Copyright information for
KaaIBT22C