‏ Judges 1:19-36

19Жаратқан Ийе Яҳуда урыўы менен бирге болғанлықтан, олар таўлы үлкени қолға киргизди. Ал ойпатлықта жасап атырған халықтың темирден исленген саўаш арбалары болғанлықтан, оларды қуўа алмады. 20Олар Муўсаның айтып кеткениндей, Хебронды Калебке берди. Калеб ол жерден анақлардың үш тийресин қуўып шығарды. 21Бирақ Бенямин урыўы Ерусалимде жасап атырған ебуслыларды қуўмады. Ебуслылар бүгинги күнге дейин Бенямин урыўы менен бирге жасап киятыр.

Эфрайым ҳәм Менашше урыўларының Бейт-Элди басып алыўы

22Юсуптиң урпағы Бейт-Элге ҳүжим жасады. Жаратқан Ийе олар менен бирге еди. 23Юсуптиң урпағы бурынғы аты Луз болған Бейт-Эл қаласына жансызларды жибергенде, 24олар қаладан шығып киятырған бир адамды көрди. Сонда олар:

– Қалаға кирер жолды көрсетсең, саған жақсылық ислеймиз, – деди.
25Солай етип, сол адам оларға қалаға киретуғын жолды көрсетти. Олар қала халқын қылыштан өткергенде, оған ҳәм оның ағайин-туўғанларына тиймеди. 26Сол адам хетлердиң жерине көшип барды ҳәм сол жерге қала қурып, оның атын Луз деп атады. Бул қала ҳәзирге дейин усы ат пенен аталады.

Израиллылардың қанан ҳәм амор халықларын толық қуўып шығармаўы

27Менашше урыўы Бейт-Шеан, Таанах, Дор, Иблеам, Мегиддо ҳәм булардың әтирапындағы аўылларда жасайтуғын халықты қуўа алмады. Себеби қананлылар беккем қорғанып, сол жерде жасаўын даўам етти. 28Израиллылар күшке толысқан ўақтында, қананлыларды ерксиз хызметшиге айландырды, бирақ оларды қуўып жибермеди.

29Эфрайым урыўы да Гезерде жасайтуғын қананлыларды ол жерден қуўып жибермеди ҳәм қананлылар Гезерде олардың арасында жасады.

30Зебулон урыўы да Китрон ҳәм Наҳалал қалаларындағы халықларды қуўмады. Зебулон урыўының арасында қалған бул қананлылар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды.

31Ашер урыўына келсек, олар да Акко, Сидон, Ахлаб, Ахзиб, Хелба, Афек ҳәм Рехоб турғынларын қуўмады. 32Олар сол жерлердеги қананлыларды қуўып шығармай, олар менен бирге жасады.

33Нафталий урыўы да Бейт-Шемеш ҳәм Бейт-Анат халқын қуўмай, сол жердиң халқы болған қананлылар менен бирге жасады ҳәм қананлылар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды.

34Аморлар Дан урыўына ойпатлыққа түсиўге жол қоймай, оларды таўлы үлкелерде услап турды. 35Аморлар Ҳар-Хересте, Айялонда ҳәм Шаалбимде беккем қорғанып, сол жерде қалды. Бирақ Юсуптиң урпақлары күшке толысқанда, аморлар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды.

36Аморлардың шегарасы Ақраббим бийиклигинен баслап Селаға, оннан да арманыраққа дейин созылған еди.

‏ Judges 2:1-5

Жаратқан Ийениң периштеси Бохимде

1Жаратқан Ийениң периштеси Гилгалдан Бохимге келип, израиллыларға былай деди:

– Сизлерди Мысырдан шығарып, ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен жерге алып келдим. Мен сизлерге: «Сизлер менен дүзген келисимимди ҳеш қашан бузбайман.
2Ал сизлер бул жерлерде жасап атырғанлар менен келисим дүзбеңлер ҳәм олардың қурбанлық орынларын қыйратып таслаңлар», – деген едим. Бирақ сизлер сөзиме қулақ салмадыңлар. Не ушын бундай иследиңлер? 3Және де, Мен сизлерге: «Бул халықларды сизлердиң араңыздан қуўып шығармайман. Олардың өзлери сизлерге душпан, ал қудайлары дузақ болады», – деп айтқан едим.

4Жаратқан Ийениң периштеси усы сөзлерди айтқанда, пүткил Израил халқы дад салып жылай баслады. 5Сонлықтан олар сол жерди Бохим
Бохим – «жылап атыр» дегенди билдиреди.
деп атады ҳәм сол жерде Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық шалды.
Copyright information for KaaIBT22C