‏ Judges 2:10-19

Израиллылардың Жаратқан Ийеден узақласыўы

10Бул әўладтан болғанлардың ҳәммеси өлип, ата-бабаларына қосылғаннан соң, Жаратқан Ийени танымайтуғын ҳәм Оның Израил халқы ушын ислеген ислерин билмейтуғын басқа бир әўлад өсип жетисти. 11Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, Баалларға табына баслады. 12Олар өзлерин Мысырдан алып шыққан ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеден жүз бурып, әтираптағы халықлардың қудайларына аўып кетти ҳәм оларға табынды. Бул Жаратқан Ийениң қәҳәрин келтирди. 13Өйткени олар Жаратқан Ийеден жүз бурып, Баал ҳәм Аштарта бутларына табына баслаған еди.

14Сонлықтан Жаратқан Ийениң Израил халқына ғәзеби қайнап, оларды мүликлерин тонайтуғын басқыншылардың қолына тапсырды. Жаратқан Ийе оларды әтираптағы душпанларға тәслим етти. Солай етип, артық олар душпанларына қарсы тура алмады. 15Жаратқан Ийениң айтқанындай ҳәм ант ишкениндей, Израил халқы ҳәр сапар саўашқа түскенде, Жаратқан Ийениң Өзи оларға қарсы болды ҳәм олар аўыр аўҳалда қалды.

16Сонда Жаратқан Ийе оларды тонаўшылардың қолынан қутқаратуғын бийлерди жиберди. 17Бирақ олар бийлерди де тыңламады ҳәм Жаратқан Ийеге опасызлық етип, басқа қудайларға табынып кетти. Олар Жаратқан Ийениң буйрықларын орынлаған ата-бабалары сыяқлы болмай, ата-бабалары жүрген жолдан тез азғырылды. 18Жаратқан Ийе олар ушын бир бий таңлап шығарғанда, Ол сол бий менен бирге болды ҳәм сол бий жасаған ўақытта оларды душпанларының қолынан қутқаратуғын еди. Себеби олар езиўшилик ҳәм зулым астында нала шеккенде, Жаратқан Ийениң оларға реҳими келетуғын еди. 19Деген менен, бийлер өлиўден-ақ, олар ата-бабаларынан да бетер болып, және басқа қудайлардың изине еретуғын, оларға хызмет етип, табынатуғын еди. Олар ислеген жаман ис-ҳәрекетлеринен ҳәм қайсарлықтан ўаз кешпеди.
Copyright information for KaaIBT22C