Judges 7:22-25
22Үш жүз кәрнай бирден шертилгенде, Жаратқан Ийе ордадағылардың ҳәммесине бир-бирине қарсы қылыш көтергизди. Мидян ордасы Серера тәрептеги Бейт-Шиттаға қарай, яғный Таббатқа жақын жердеги Абел-Мехоланың шетине дейин қашып кетти. 23Сонда Нафталий, Ашер ҳәм пүткил Менашше урыўларынан болған израиллылар шақырылды ҳәм олар мидянлыларды қуўа баслады. 24Кейин Гидеон Эфрайымның пүткил таўлы үлкесине хабаршылар жиберип, былай деди: «Төменге түсип, мидянлыларға ҳүжим қылыңлар. Олардың жолларын тосыў ушын, Бейт-Бараға дейинги Иордан дәрьясының суў өткеллерин қолға киргизиңлер». Солай етип, эфрайымлылар жыйналып, Бейт-Бараға дейинги Иордан дәрьясының суў өткеллерин қолға киргизди. 25Олар мидянлылардың еки басшысын, Ореб пенен Зеебти тутқынға алды. Оребти Ореб жартасының қасында, ал Зеебти Зееб шарап искенжеси жанында өлтирип, мидянлыларды қуўыўды даўам етти. Ореб пенен Зеебтиң кесилген басларын Иордан дәрьясының арғы жағындағы Гидеонға апарып берди.
Copyright information for
KaaIBT22C